Қызылшадан кейинги асқыныўлар
Қызылша аўыр асқыныўларға алып келиўи мүмкин. Айырым адамлар пневмония (ѳкпе инфекциясы) ҳәм энцефалит (мийдиң исиниўи) сыяқлы аўыр асқыныўлардан азап шегиўи мүмкин. Оларды емлеўханаға жатқарыў керек болыўы мүмкин ҳәм олар қайтыс болыўы да мүмкин.
Пневмония. Қызылша менен кеселленген ҳәр 20 баладан биреўи пневмонияға шатылады, ал бул жас балаларда қызылша ақыбетлери себепли ѳлимниң ең кең тарқалған себеби.
Энцефалит. Қызылша менен кеселленген ҳәр 1000 баладан биреўинде энцефалит (мийдиң исиўи) раўажланады, ал бул тутқанаққа алып келеди ҳәм баланы герең ямаса ақылының пәсейиўине алып келиўи мүмкин.
Ѳлим. Қызылша менен кеселленген ҳәр 1000 баланың 1-3ўи дем алыў ҳәм неврологиялық асқыныўлардан ѳледи.
Ҳәмледарлық дәўириндеги асқыныўлар. Қызылша, КПК вакцинасын алмаған ҳәмледар ҳаяллар мүддетинен бурын туўыўға ямаса салмағы кем нәрестени дүньяға келитириўине себепши болыўы мүмкин.