1 Что такое корь.png

Қызылша дегенимиз не?

Қызылша бул вирус арқалы шақырылатуғын жүдә жуқпалы кеселлик. Айырым адамлар қызылша бир неше күн ишинде ѳзлигинше ѳтип кететуғын арзымас таспа ҳәм ысытпа деп ойлайды. Бирақ қызылша, әсиресе, 5 жасқа шекемги балалар саламатлығы ушын аўыр асқыныўларды келтирип шығарыўы мүмкин.

Қызылшаның кең тарқалған белгилери:

  • дене ыссылығының кѳтерилиўи,
  • жѳтел,
  • мурын ағыўы,
  • кѳзлердиң қызарыўы, кѳзлерден жас ағыўы (конъюнктивит) ҳәм
  • таспа (симптомлар пайда болыўы баслағанынан 3-5 күн ѳткеннен соң).

Қызылша менен кеселленген ҳәр 1000 адамның биреўинде мийде исик пайда болады, ал бул мийдиң зақымланыўына алып келиўи мүмкин. Қызылша менен аўырған 1000 адамнан 1-3и, ҳәтте ең жақсы күтим алғанда да қайтыс болады. Перзентиңизде болатуғын белгилердиң аўырлығын алдын ала болжаў мүмкин емес.

Қызылшаға қарсы ең жақсы қорғаныў - қызылшаға қарсы вакцина (КПК).

Keyingi