Автокреслоны қалай дурыс таңлаў керек?
Автокресло — бул дѳңгелеги бар креслома? Әлбетте бул олай емес!
Автокресло бул балаларды автомобильде алып жүриў ушын арнаўлы орынлық. Автокресло тийкарынан баланың қәўипсизлигин тек жол-транспорт ҳәдийсесинде емес, ал сондай-ақ, кескин маневрларда ҳәм тормозлағанда да сақлаў ушын арналған. Статистикалық мағлыўматларға кѳре, баланы автокреслода алып жүриў, ѳлимшилик қәўипи бар жарақатланыўлар итималлығын 75%ке кемейтеди.
Ҳәзирги мобиль заманда бала ушын автокресло таңлаў оған коляска яки кровать таңлаў сыяқлы әҳмийетке ийе. Автокресло қолайлы ҳәм ең баслысы, қәўипсиз болыўы зәрүр.
Автокресло таңлағанда нелерге итибар қаратыў керек:
- Автокреслоның жайласыў жағдайы ѳзгермели болыўы тийис, яғный отырыў ҳәм жатыў ушын ѳзгертиў имканияты болыў керек.
- Баланың омыртқасы ҳәм ишки органларының жарақатынан қорғаўшы жумсақ Y-сыяқлы ийин баўы болыўы шәрт. Жүдә тар болған ременлер бала саламатлығына зыян келтириўи мүмкин.
- Ишки ременлер иркинишсиз, жүдә тез иске түсиўи керек, себеби тормозлаған мәўритте пайда болатуғын инерция күши әсте-ақырынлық пенен сѳнип, кѳп күш түседи ҳәм бала жарақатланыўы мүмкин.
- Ишки қәўипсизлик ременлеринде «созылыў» механизмлери болыў шәрт, себеби, автомобиль ҳәрекетленгенде яки селкилдегенде, ременлер босап кетиўи мүмкин.
- Беккем услап турыўшы қулыпларға да итибар қаратыў керек. Олар тек ғана беккем услап турып ғана қоймастан, бала оннан жарақатланбаўы ушын ол сырты тәрепке шығып турмаўы керек.
- Аяқ арасындағы байлам майысқақ ҳәм кең болыўы керек.
- Балалар автокреслосында баланың есикке урылыўынан қорғаўшы қапталында бийик қырлары болыўы, кескин тормозлағанда яки арқа тәрептен басқа транспорт келип урылғанда қорғаў ушын орынлықтың арқасы бийик болыўы тийис.
- Балалар автокреслосының каркасы металлдан емес ал пластиктен болғаны мақулырақ.
Ҳүрметли ата-аналар! Автокресло сатып аларда баланы ѳзиңиз бенен бирге алып жүриң, ол орынлыққа отырып кѳриўи тийис. Ременлерин тәртипке келтириң, балаға қолайлы, оның бойына сай екенлигине ҳәм креслоның бас бѳлимин қорғаўшысы бар екенлигине дыққат қаратың.