Балаларда жол-транспорт жарақатларының алдын алыўда ата-ананың роли
Ҳүрметли ата-аналар! Сиз балалардың ѳзлерин кѳшелерде тәртипли тутыўы ҳәм қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў кѳнликпелерин қәлиплестириўде педагоглардың ең баслы ҳәм белсенди жәрдемшилери болып есапланасыз.
Балаңыз тѳмендегилерди ѳзлестирип алыўы жүдә зәрүрли:
- Кѳшеде жүргенде асықпай қәдем таслап, тротуардың оң тәрепинде жүриўи керек;
- Жолды тек пиядалар ѳтиў орнында, жасыл шырақ жанған пайытта ҳәм барлық автомобиллер тоқтағаннан соң кесип ѳтиўи керек;
- Жолдың қатнаў бѳлеги тек транспорт қураллары ушын арналған;
- Жолдағы транспортлардың ҳәрекети светофор яки тәртипке салыўшы милиционер тәрепинен тәртипке салынады;
- Жәмийетлик транспортлардың айнасынан басты шығарып қараў, қолды яки қандай да бир предметлерди шығарыў қадаған.
Жас ѳспиримлерге жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын турақлы түрде, қызықлы қылып түсиндирилип барылса, олар бул түсиниклерди тез ҳәм жеңил ѳзлестиреди. Бул ушын оларға кѳшедеги, ҳәўлидеги ҳәм мектепке шекемги жолда ушырасатуғын жағдайларды кѳрсетип барың.
Жас ѳспиримлер менен кѳшеде жүргенде оларға жолдағы транспортлар ҳәм жолаўшыларға байланыслы болып атырған барлық нәрселерди түсиндирип барған пайдалы есапланады. Мысалы, тап ҳәзир жолды не ушын кесип ѳтиў қадаған екенлигин, бул ушын автомобиллер ҳәм пиядалар ушын қандай қағыйдалар бар екенлигин, қағыйданы бузып атырғанларды кѳрсетип, олардың ѳз ѳмирин қәўип астына қойып атырғанлығын түсиндирип барың.