Балалардың машинада ѳзлерин тутыў қағыйдалары

Балалар менен машинада жолға шықпастан алдын, оларға машинада ѳзлерин тутыў қағыйдаларын таныстырып ѳтиў зәрүр. Кишкене баласы бар ҳәр бир ата-ананың машинасында баланың қәўипсиз саяхат етиўи ушын арнаўлы автоорынлық болыўы шәрт. Бул тиккелей қәўипсиз ҳәрекет етиўге байланыслы болса да, кѳпшилик ўақытлары ата-аналар бул мәселе ҳаққында ойланып кѳрмейди.

1.Балаға машина салонын кѳрсетиң. Балалар кѳп нәрсеге қызығыўшаң болады. Бирақ, баланы алдыннан машина салоны менен таныстырып, не нәрсеге тийиўге болатуғынлығын ҳәм нелер қадаған екенлиги ҳаққында түсиндирип берсеңиз, бала менен машина басқарыў бираз қолайлы болады.

  1. Балаға автоорынлықты кѳрсетиң. Бала автомобиль ҳәрекетленгенде бул ѳзиниң орны екенлигин дәрҳал түсиниўи, бул жерде отырыў қәўипсиз екенлигин билиўи керек.
  2. Ременди тағып алың. Қәўипсизлик ременин тақпағанда қандай жағдайлар болатуғынлығын түсиндириң. Айырым адамлар балаларды «полиция аға» менен қорқытады, ал оның орнына ремень кескин тормозлағанда жығылыўдан ҳәм жарақат алыўдан сақлап қалатуғынлығын түсиндирген мақулырақ.
  3. Айдаўшыны алаң етиўге болмайтуғынлығын түсиндириң. Бала машинада ата-анасы менен болған ўақтында рульде ата-анасының бири болса, оның биринши гезекте айдаўшы екенин түсиниўи керек. Оны түртиў яки алаң етиў қадаған етиледи. Егер бала негедур тынышсызланса, оған жолаўшы орынлығында отырған адамға мүрәжат етиўи кереклигин үйретиў керек.
  4. Айна ҳәм есиклерге тийиўге болмайтуғынлығын түсиндириң. Бала есиктиң услағышы машина тоқтап турғанда ғана машина есигин ашыў яки жабыў ушын мѳлшерленгенин билиўи шәрт. Машина ҳәрекетленип баратырғанда айналарды ашыўшы қулыпты қозаў қадаған етиледи, себеби бул жолда авариялық жағдайды келтирип шығарыўы мүмкин.
  5. Балаға машинаның тек ғана оң тәрепинен түсиў кереклигин түсиндириң. Балаға елимизде шеп тәреп бойлап ҳәрекетлениў белгиленгенлигин түсиндириң. Егер шеп тәрептен түссе машина урып кетиў қәўпи бар. Машинадан тек ғана ата-анасының рухсаты менен түсиўи мүмкин.

Балаларыңызға машинада ѳзлерин қалай туўры тутыў кереклигин түсиндириң. Усы жол арқалы ѳзиңиздиң ҳәм балаңыздың қәўипсизлигин тәмийинлей аласыз ҳәм саяхатыңыз кеўилли ѳтеди.

Keyingi