Балаларыңыз велосипед жолында жүргенде дыққатлы болың
Кѳпшилик ата-аналар велосипед жолын балалары сигвей яки самокат айдаўы, велосипед айдап үйрениў ушын яки ойын майданы сыпатында пайдаланады. Булай ислеў натуўры, себеби буның нәтийжесинде, әсиресе балалар қадағалаўдан шетте қалғанда қәўипли жағдайлар жүзеге келеди.
Велосипедтеги адамның дыққаты алаң болыўы, басқарыўды жоғалтыўы, тосаттан ѳзин жаман сезиўи яки жолындағы адамды кеш кѳриўи мүмкин екенлиги ҳаққында ойланып кѳриң.
Әлбетте, сиз әтирпатағылар итибарлы болады деп исенесиз, бирақ буған 100% исеним кәмил ете алмайсыз. Балаңыздың саламатлығы яки ѳмирин қәўип астына қойыўға таярсызба? Әлбетте бундай жағдайларда ѳзгелерге исенип, ѳзиңизден жуўапкершиликти алып таслай алмайсыз.