Балалар жолда жүргенде: жол ҳәрекети қәўипсизлиги
Егер жайдың алдында кирер жерде транспортлар ҳәрекетленетуғын болса, балаңыздың дыққатын жолдың транспортлардан бос екенлигин анықлаў кереклигине ертерек қаратың. Егер ол жерде автомобиль болса яки терек ѳсип турса, ҳәрекетти басламастан алдын қәўип жоқ екенлигин билиў ушын тоқтап, әтирапқа қарап алың.
Тротуарда жүргенде:
- Оң тәрепте жүриң;
- Ересек адам жолдың қатнаў бѳлими тәрепинде жүриўи керек;
- Тротуар жолға жақын жайласқан болса, баланың қолынан услап жүриң;
- Баланы ҳәўлиден шыққан машиналарға итибар қаратыўына үйретиң;
- Балаларды жолдың қатнаў бѳлимине шығыўға үйретпең: коляска ҳәм шаналарды тек ғана тротуарда алып жүриң.
Жолды кесип ѳтпестен алдын:
- Тоқтап, жолдың қатнаў бѳлимине нәзер салың;
- Ҳәрекетлериңизди белгилең: жолды кѳриў ушын бастың бурылыўы, жолды кѳриў ушын тоқтаў, автомобиллерди ѳткерип жибериў ушын тоқтаў;
- Баланы узаққа қарап, жақынласып киятырған машинаны айырып билиўге үйретиң;
- Бала менен тротуар шетинде турмаң;
- Баланың дыққатын бурылмақшы болған транспорт қуралына қаратың, оған машинаның бурылыўы ҳаққында хабар бериўши шырақлары ҳаққында айтып бериң;
- Жолдың кесилиспесинде транспорт қуралы қалай тоқтайтуғынлығын ҳәм инерция тийкарында қалай ҳәрекетленетуғынлығын кѳрсетиң;
Транспортқа миниў ҳәм оннан түсиў пайтында:
- Баланы бәндирги жанында итибарлы болыўына үйретиң – бул балалар ушын қәўипли орын саналады: жолдың жақсы кѳринбеўи, жолаўшылар баланы жол тәрепке ийтерип жибериўи мүмкин;
- Транспорт күткенде тек ғана бәндиргиде, тротуарда яки жол шетинде турың;
- Транспорт толық тоқтағаннан кейин ғана оған миниў ушын жақынлаң;
- Ең соңғы мәўритте транспортқа жуўырып шықпаң (есиклери арасында қысылып қалыўыңыз мүмкин);
- Бала жығылып кетпеўи ҳәм жолға жуўырып шығып кетпеўи ушын оның алдында биринши болып түсиң;
Балаларда ѳзлерин кѳшеде дурыс тутыўы кѳнликпелерин қәлиплестириўге ҳәрекет етиң:
- Кѳшеге дыққатын қаратыў кѳнликпеси: жолға жақынласқанда тоқтап, кѳшениң еки тәрепине де нәзер салың; жолдың қатнаў бѳлимине шыққанда сѳйлесиўди тоқтатың — бала жолды кесип ѳткенде дыққатын жәмлеп үйрениўи керек; бала менен алдыннан жолға нәзер тасламастан транспорт яки путалар артынан шықпаң — бул кең тарқалған қәтелик ҳәм балалар оны тәкирарлаўына жол қоймаң;
- Кѳшеде басық, ѳзине исенген ҳалда болыў кѳнликпеси: артықша ўақытқа ийе болыў ушын үйден ертерек шығың ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларын бузбастан, асықпай жүриң;
- Ѳзин-ѳзи қадағалаў кѳнликпеси: ѳз ҳәрекетлерин бақлап билиў кѳнликпеси ата-ананың басшылығында күнделикли тәризде қәлиплеседи, бул, жолда дыққатлы ҳәм пухта болыўына жәрдем береди;
- Қәўипти алдыннан сезиў кѳнликпеси: бала кѳпшилик жағдайларда кѳшедеги белгили бир предметлер артында қәўип жасырынғанын түсиниўи зәрүр; балаларға жолға жақын жерде яки қатнаў бѳлиминде ойнаўына рухсат бермең;
- Үлги алыў кѳнликпеси: жол ҳәрекети қағыйдаларын сақлаўда ата-аналар үлги болыўы жүдә әҳмийетли;
- Қағыйдаларды сақлаў кѳнликпеси: балаларды жолды қызыл яки сары шырақта кесип ѳтпеўине үйретиң; жолды тек ғана «пиядалар ѳтиў орны» жол белгиси менен белгиленген орынларда кесип ѳтиң;
Балалардың ѳмирин асырап-абайлаң!