Баланың жол «қақпанлары»на түсип қалмаўына қалай үйретиўге болады. 1-бѳлим
- Ең үлкен қәўип бул тоқтап турған машина! Тоқтап турған машинаның қәўипи сонда, ол жоқары тезликте ҳәрекетленип киятырған басқа автомобильди тосып қойып, қәўипти ѳз ўақтында анықлаўға кесент етеди. Тоқтап турған автомобиль арқасынан жол тәрепке шығыўға болмайды. Тоқтап турған автомобиль арқасынан басты сақлық пенен шығарып қарап, қәўип жоқ екенлигине исеним пайда еткеннен кейин ғана жолды кесип ѳтиў керек.
- Тоқтап турған автобусты алды ҳәм артқы тәрепинен де айланып ѳтпе! Тоқтап турған автобус жолдың қатнаў бѳлегин тосып турады ҳәм ол жерде басқа автомобиль ѳтип баратырған болыўы мүмкин. Сондай-ақ, адамлар әдетте бәндиргилерде асығыслық қылып қәўипсизлик шараларын естен шығарады. Автобустан түсип, бәндиргиге жақын жердеги пиядалар ѳтиў орнына қарай ҳәрекетлениң.
- Жасырын қәўипти анықлап үйрениң! Тоқтап турған машина, жай, дийуал ҳәм путалар артынан күтилмегенде машина пайда болыўы мүмкин. Жолды кесип ѳтиў ушын жолдың еки тәрепи де жақсы кѳринетуғын орынды таңлаў керек Тосық арқасынан басты сақлық пенен шығарып қарап, қәўип жоқ екенлигине исеним пайда еткеннен кейин ғана жолды кесип ѳтиў керек
- Егер автомобиль тѳмен тезликте ҳәрекетленип киятырған болса да, оны ѳткерип жибериў керек. Тѳмен тезликте ҳәрекетленип киятырған автомобиль себебинен изинде жоқары тезликте киятырған басқа автомобиль кѳринбеўи мүмкин. Кѳбинше, бала бир машинаның артында басқа бир жасырын қәўип бар екенлигине гүман етпейди.
- Қәўип светофор бар орынларда да болыўы мүмкин. Ҳәзирги күнде жолларда автомобиль айдаўшыларының бәрқулла жол ҳәрекети қағыйдаларын бузып атырған жағдайларын ушыратамыз, олар светофор ҳәм жол белгилерине бойсынбай, тезликти асырып ҳәрекетленеди. Сонлықтан, балаларды тек жасыл шыраққа итибар қаратыўына үйретиўимиз жеткиликли емес, оларды қәўип жоқ екенлигине қалай исеним пайда етиў кереклигине үйретиўимиз зәрүр. Балалар кѳпшилик ўақытта "Машиналар тоқтап турыпты, айдаўшылар мени кѳрип турыпты ҳәм ѳткерип жибереди"- деп ойлайды ҳәм қәтелеседи.
- Кѳбинше балалар «бос» кѳшени жан-жағына қарамастан жуўырып кесип ѳтеди. Автомобиллер сийрек ѳтетуғын кѳшелерди балалар кѳбинше жан-жағына қарамастан жуўырып кесип ѳтеди ҳәм оларды машина урып кетиўи мүмкин. Балаларда жолға жақынлағанда тоқтап турыў, әтирапына қараў ҳәм қулақ салыў, соңынан ғана жолды кесип ѳтиў әдетин қәлиплестирип барың.
- Жолдың ортасындағы сызықта турғаныңызда арқа тәрепиңизден машина ѳтиўи мүмкин екенлигин естен шығармаң! Жолдың ҳәрекетлениў бѳлиминиң ортасына келип тоқтағанда, балалар әдетте тек ғана оң тәрептен киятырған машиналарды бақлап турады ҳәм ѳзлериниң арқа тәрепинде ҳәрекетленип киятырған машиналар бар екенлигин естен шығарады. Бул жерде бала қорқып арқаға шегиниўи ҳәм оны машина урып кетиў қәўипи бар. Егер жол ортасында тоқтаўға мәжбүр болса, жүдә дыққат-итибарлы болып, қәўипсиз екенлигин билмей турып ҳеш қандай ҳәрекет ислемеўи керек.
Кѳшеде баланың қолынан беккем услап жүриў кереклигин естен шығармаң!