Бәндиргилерде дыққатлы болың
Транспорт бәндиргилеринде велосипедлер ушыраспайды деп ойлаўыңыз мүмкин. Бирақ олар ушырасады.
Қаладағы велосипед жоллары кѳпшилик ўақытлары бәндиргилерге келип жалғасады, айырымлары бәндиргилер алдынан кесип ѳтеди, ал айырымлары оның арқа тәрепинен ѳтеди. Кѳпшилик адамлар транспортта қолайлырақ орын ийелеў мақсетинде бул жолларға итибар бергиси келмейди.
Бәндиргилердеги саўда орынлары ҳәм бастырмалар әтирапты кѳриўимизге тосқынлық қылады. Велосипедши, жақынласып киятырған автобусқа қарай күтилмегенде ҳәрекетленген адамды яки ата-анасы: «Тезирек бол, жуўыр! Бизлердиң маршрутка»-деп шақырған баланы кѳрмей қалыўы мүмкин.
Бундай жағдайлар, жер асты ҳәм жер үсти пиядалар ѳтиў орынларынан шыққанда да жүз бериўи мүмкин. Усы қәўипли орынларды есте сақлаң ҳәм ол жерлерде жүдә дыққатлы болып, әтирапқа жийи нәзер салың.