ЕРЕСЕК АДАМЛАРДЫҢ ДЫҚҚАТЫНА! ҚӘЎИПСИЗЛИК БОЙЫНША ЕСЛЕТПЕ

Жол ҳәрекети қағыйдаларына бойсыныў бойынша ата-аналар балаларына ѳрнек болыўы оғада әҳмийетли.

  • Асықпаң, белгили бир қәдем менен балаларды асықтырмай жолды кесип ѳтиң;
  • Жолдың ҳәрекетлениўши бѳлегине шыққанда сѳйлесиўди тоқтатың – перзентиңиз жолды кесип ѳткенде дыққатын бир жерге жәмлеўи тийис екенлигин үйрениўи керек;
  • Светофор шырағы қызыл ямаса сары жанғанда жолды кесип ѳтпең;
  • Жолды тек «Пиядалар ѳтиў жолы» жол белгиси менен белгиленген орынлар арқалы кесип ѳтиң;
  • Автобус ҳәм таксиден биринши ѳзиңиз түсиң. Егер транспорт қуралынан биринши болып перзентиңиз түсетуғын болса, ол қулап қалыўы ямаса жолдың ҳәрекетлениў бѳлегине жуўырыўы мүмкин;
  • Перзентиңизди жолда жүз берип атырған жағдайды бақлаўға үйретиң, оған бурылыўға таярланып атырған ямаса жоқары тезликте ҳәрекетленип атырған, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған машиналарды көрсетиң;
  • Алдын ала кѳзден кеширместен, бала менен машинадан, путалар арасынан жолға бирден шықпаң - бул әдетте кѳп исленетуғын қәтелик ҳәм балалардың буны тәкирарлаўына жол қоймаў керек;
  • Балаларға жол шетинде ямаса кѳшениң ҳәрекетленетуғын бѳлегинде ойнаўға рухсат бермең.

Балаларды тек ғана жол қағыйдаларына әмел етиўди емес, ал оларды жүдә жаслайынан-ақ бақлаўға ҳәм ҳәрекет етиўге үйретиў керек. Есте сақлаўымыз керек болған нәрсе – минез-қулық көнликпелерин қәлиплестириўдиң тийкарғы усылы – бақлаў, үлкенлерге, әсиресе, ата-аналарға еликлеў болып табылады.

Aldıng’ı Keyingi