Жас ѳспирим үйде жалғыз қалған гезде
Ер жетпеген баланы үйде жалғыз қалдырыў туўралы шешимди ата-аналардың өзлери қабыллайды. Бул жерде баланың жасы ҳәм жеке қәсийетлеринен келип шыққан ҳалда шешим қабыл етиледи. Нызам ҳүжжетлеринде ата-аналар баланы үйде жалғыз қалдырыўы мүмкин болған жас ямаса мүддет белгиленбеген. Соның менен бирге, ата-аналар баланың 18 жасқа шекемги тәрбиясына жуўапкер болып табылады.
Егер ол мектеп оқыўшысы болса ҳәм оның әллеқашан жеке қол телефоны болса, оның менен бирге қашан жазысып ямаса сѳйлесип турыў туўралы келисип алыўға болады. Бәрқулла телефонға жуўап бериў әҳмийетли екенлигин айтың. Бул жерде техниканың жәрдеми сизге қолайлық келтиреди.
Негизинде жас ѳспирим жалғыз ѳзи қараўсыз қалғанда ѳзиниң денсаўлығына ҳәм ѳмирине тиккелей қәўип туўдырыўшы ҳәрекетлерди ислеўи мүмкин екенлигин есте сақлаў әҳмийетли. Бундай гезде ата-аналар ямаса нызам тәрепинен бекитилген ўәкиллер жуўапкершиликке тартылады.
Баланы жалғыз қалдырмастан алдын үйдеги техника қәўипсизлигин, яғный ток сымларының тутаслығы, водопровод, жылытыў үскенелериниң дурыс ислеп турғанлығын тексериң. Биз бундай майда-шүйде мәселелерге тек олар истен шыққан гезде итибар беремиз. Деген менен бундай кишигирим мәселелер сиз үйде емес гезде жүз берсе, олар аўыр машқалаға айналыўы мүмкин.
Бир тәрептен перзентиңиз үлкейген сайын, қәўипли жағдайлар да артып бара береди. Ал, екинши тәрептен қалай да олардың алдын алыў аңсатырақ болады. Баланы әтирапымыздағы затларды өзине зыян жеткериў ушын емес, ал пайдалы тәризде қоллана билиўге мудамы үйретип барыў керек.
Үйден шығып атырғанда есикти иштен ашылмайтуғындай дәрежеде жаўып кетпең.
Егер биреў есик қоңыраўын басса, перзентиңизге ҳеш қашан есикти ашпаў кереклигин түсиндириң. Бирақ ол жерде ҳеш ким жоқтай ѳзин бийпәрўа тутыўы да дурыс емес. «Апам қоңсының үйинде еди, ҳәзир мен оған қоңыраў етемен» деген жуўап жүдә орынлы болып табылады.
Егер баланың ата-анасы ямаса нызамлы ўәкиллери баланың денсаўлығына зыян жеткеретуғын жағдайға жол қойған болса, олар ҳәкимшилик ямаса жынайый жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.