Жол-транспорт ҳәдийселерин кемейтиў ушын не ислеў керек
ЖҲҚ китабын оқың. Бизге исениң, олар тек жасыл шырақта өтиў ҳәм пиядалар кесилиспеси туўралы емес. Сиз ойламаған, сиз ушын қәўипли болмаған ҳәмме зат балаға да қәўипсиз бола бермейди.
Қағыйдаларды бирге үйрениң. Белгилер ҳәм жол ҳәрекети қағыйдалары ҳаққында әжайып қосымшалар бар. Буннан соң оларды әбден үйрениў ушын барлық мүмкиншиликлерден пайдаланың.
Биринши жәрдем кѳрсетиў бойынша кѳнликпелерди үйрениң. Жол-транспорт ҳәдийселеринен жәбирленгенлердиң 70% өлиминиң тийкарғы себеби гүўалардың ҳеш қандай ҳәрекет етпеўи ямаса надурыс ҳәрекетлери болып табылады. Егер жәбирленгенлерге жоқары шеберлик пенен биринши медициналық жәрдем көрсетилсе, қайтыс болған адамлар, атап айтқанда, балалардың ѳлимшилиги анағурлым дәрежеде азайыўы мүмкин еди.
Перзентлериңизге нурға шағылысатуғын кийимлер сатып әпериң! Онша кѳзге түспейтуғын кийимге тигилген жолақшалар, негизинде зор қәсийетке ийе – олар ѳтип баратырған автомобиль шырағы менен шағылысады. Олар транспорт басқарыўшысының жолаўшыны түнде байқап қалыў итималлығын 70%ға асырады!
Дүньядағы ең қорқынышлы даўыслардың бири – «дөңгелектиң сырғанаўы, соққының даўысы, жым-жыртлық, шыңғырған даўыс». Балаларымыз үйге аман-есен қайта оралыўы ушын биргеликте ҳәрекет етейик.