«Жол қақпаны» (2-бѳлим)
Тѳмен тезликте ҳәрекетленип киятырған автомобиль жүдә алдамшы болыўы мүмкин. Бала «Машина әсте киятыр, кесип ѳтип үлгеремен»,- деп ойлады ҳәм нәтийжеде машина урып кетиў жағдайлары болады.
Бириншиден, кѳпшилик ўақытта балалар автомобиль тезлигин ҳәм оған шекемги аралықты дурыс анықлай алмайды. Екиншиден, тѳмен тезликте ҳәрекетленип киятырған автомобиль себебинен изинде жоқары тезликте киятырған басқа автомобиль кѳринбеўи мүмкин, бала бул ҳаққында ойланбайды. Бундай «жол қақпаны»на түспеў ушын, автомобиль тѳмен тезликте ҳәрекетленип киятырған болса да, оны ѳткерип жибериў ҳәм изинде басқа автомобиллердиң жоқ екенлигине исеним пайда етиў керек.
Және бир кѳп ушырасатуғын қәўипли авариялық жағдай: бала машинаны ѳткерип болып жолдан дәрҳал жуўырып ѳтеди. Бул жерде «Қақпан» соннан ибарат, ҳәзир ғана ѳтип кеткен машина жолдың қарама-қарсы бѳлегинде ҳәрекетленип киятырған машинаны сол мәўритте тосып қояды ҳәм жолды кесип ѳтип атырған баланы сол машина урып кетиўи мүмкин.
Кѳбинше балалар «бос» кѳшелерди әтирапына қарамастан жуўырып кесип ѳтеди. Автомобиллер сийрек ѳтетуғын кѳшелерде балалар кѳбинше жан-жағына қарамастан жуўырып кесип ѳтеди ҳәм оларды машина урып кетеди. Балаларда жолға жақынлағанда тоқтап турыў, әтирапына қараў ҳәм қулақ салыў, соңынан ғана жолды кесип ѳтиў әдетин қәлиплестирип барың.
«Жол қақпаны» светофор алдында да болыўы мүмкин: жасыл шырақтың жаныўы қәўипсизликке кепиллик бермейди. Бүгинги күнде жолда автомобиль айдаўшылары кѳпшилик жағдайларда жол ҳәрекети қағыйдаларын бузып атырғанлығына гүўа боламыз: яғный тезликти асырыў, светофор сигналларына ҳәм пиядалар ѳтиў белгилерине бойсынбаў жағдайлары ушырасады. Балаларды тек ғана «жасыл шырақ» қағыйдасына үйретиў жеткиликсиз, оларға жолда барлық автомобиллердиң тоқтағанына, ҳеш бир машина жоқары тезликте ҳәрекетленип киятырмағанлығына ҳәм жолды кесип ѳтиў ушын ҳеш қандай қәўип жоқ екенлигине исеним пайда етиў кереклигин үйретиў керек.
Жолдың ҳәрекетлиниў бѳлиминиң ортасына келгенде, балалар әдетте тек ғана оң тәрептен киятырған машиналарға қарайды ҳәм ѳзлериниң арқа тәрепинде ҳәрекетленип киятырған машиналар бар екенлигин естен шығарады. Бул жерде, бала қорқып арқаға шегиниўи ҳәм оны машина урып кетиў қәўипи бар. Сонлықтан, егер жол ортасында тоқтаўға мәжбүр болса, жүдә дыққат-итибарлы болып, қәўипсиз екенлигин билмей турып ҳеш қандай ҳәрекет ислемеўи керек.
Бир сѳз бенен айтқанда, жол илими бул бир қарағанда әпиўайы болып кѳрингениндей аңсат нәрсе емес. Ол «жолды тек жасыл шырақта кесип ѳтиў керек» сыяқлы әпиўайы қағыйдалар менен шекленип қалмайды. Негизинде, жолда бизлерге кѳплеген «қақпан»лар, күтилмеген жағдайлар ушырасады. Оларды түсинип, алдын алыў, тек ғана балларға емес ал ересеклерге де кѳп қыйыншылық туўдырады. Балаларды кишкенелигинен жолда қәўипсиз ҳәрекетлениў қағыйдаларына үйретип барың. Бала ушын ең түсиникли оқыў бул ѳзиңиздиң жеке мысалыңызда үйретиў екенлигин есте тутың.