«Маған қарап исле»: не ушын ата-аналар балаларына жолларда ѳзлерин қәўипсиз тутыўына үйретиўи шәрт?
Ҳүрметли ата-аналар, баланың ѳсип үлкейиўи менен қыйын сынаўлар басланады. Жоллардың қатнаў бѳлиминде балалардың ѳзлерин қәўипсиз тутыўында ең баслы муғаллим мектеп емес, ал әйне сиз ѳзиңиз боласыз. Балаға қандай сабақлықлар оқытылыўына қарамастан, мектеп тек сиз үйиңизде қәлиплестирген әдеп-икрамлық кѳнликпелерин ҳәм ѳзин кѳшелерде, жолларда қәўипсиз тутыўы әдетлерин беккемлеўге жәрдем береди.
Тилекке қарсы, базыда, педагоглар ересеклер тәрепинен қәлиплестирилген балалардағы надурыс ҳәрекетлерди ҳәм зыянлы әдетлерди сапластырыўға ҳәм қайта тәрбиялаўға мәжбүр болады. Нызам бузбайтуғын пуқараны, қала берсе жол ҳәрекети қатнасыўшысын тәрбиялап шығарыўда ата-аналар «Маған қарап исле» принципине сүйениў керек.
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузбаўы ушын бала тек бул қағыйдаларды билип ғана қоймастан, оларды бузбаўды әдетке айландырыўы зәрүр. Егер қатты асығыс болсаңыз да жолды белгиленген жеринде, яғный пиядалар ѳтиў орнынан кесип ѳтиң. «Жолды қызыл шырақта кесип ѳтпе» деп қанша қайталағаннан кѳре, сизиң ѳзиңиз кѳрсеткен бир мысал абзалырақ болады.
Жол ҳәрекети жолдың қатнаў бѳлиминен емес, ал тротурадан басланады. Сол ушын бала менен мектепке барарда, үйден шыққандағы биринши қәдемнен баслап оған дыққатлы болыўды үйретиң. Мәнзилге шекемги жолды биргеликте басып ѳтиң ҳәм балаға зериктирместен барлық қәўипли жол бѳлимлерин кѳрсетип барың.
Баланың биринши класс дәўиринде барлығыңыз оларды мектепке гүзетип қойып яки күтип алатуғын болсаңыз, екинши класында кѳплеген баланың ѳзи барып келиўине жол қойылады. Ал баланың жолдың қатнаў бѳлимин ѳз бетинше кесип ѳтиўде тәжирийбеси жүда аз болады.
Баслаўыш класс оқыўшылары ѳз ѳмирин қәўип астына қоятуғын ең үлкен қәўип топарын қурайды. Олар жолдың қәлеген бир бѳлиминен жуўырып кесип ѳтеди яки ѳтиўге урынады.
Ата-аналар, дыққат қаратың! Балаларыңыз жолда қәўипсиз ҳәрекет етиўди ѳз бетинше үйрениўге мәжбүр болмаўы ушын оларға зәрүрли билим ҳәм кѳнликпелерди ѳз ўақтында үйретип барың.