Үстиңдеги кийим реңи ѳмириңди сақлап қалыўы мүмкин!
Ҳаўаның суўық яки жаўын ўақтында пиядалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде ҳаўа-райы әҳмийетли орын тутады. Қыста азанғы геўгим, жолдың тайғақлығы, думан ҳәм жақтыландырыўшының болмаўы булардың барлығы жолдағы жағдайды қыйынластырады ҳәм авария қәўипин асырады. Бундай жағдайлар тек ғана айдаўшыларға емес ал пиядаларға да машқала туўдырады.
Геўгимде айдаўшы қала ишиндеги тезлик яки 50-70 км/саат тезликте ҳәрекетленип киятырса да, жолдағы пияданы кѳрмей қалады ҳәм ўақтында тормозлаўға үлгере алмайды. Егер пияда үстине қара реңдеги кийим кийген болса, бул жағдайды және де қыйынластырады.
Қала шәраятындағы қара кийим бул барқулла да қара реңди билдирмейди. Кѳк, қоңыр, сур, тойғын қызыл реңлер күндиз ашық ҳәм ҳәр қыйлы реңде кѳрингени менен, кеште қоршаған орталық пенен бирдей түске енеди.
Ҳәттеки тәжирийбели айдаўшылар да джинсы ҳәм куртка кийген пияданы жолда да, пиядалар ѳтиў орнында да кѳриў қыйын екенлигин айтады. Ҳәттеки 40-50 км/саат тезлик пенен ҳәрекетленгенде де авариялық қәўипли жағдай пайда болады. Бул дегенимиз, пияда ѳзиниң қәўипсиз екенлигине исенген ҳалда, айдаўшылар мени кѳреди ҳәм тоқтап ѳткерип жибереди деген ой менен жолды зебрадан кесип ѳтеди, бирақ айдаўшылар оны кѳре алмайды.
Қысқы геўгимде пияда сыпатында қәўипсизлигиңиз ушын тек жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўиңиз жеткиликли емес. Ѳзиңиз ҳәм балаңыздың жолда жақсы кѳриниўиниң илажын қылыў керек. Бул жүдә аңсат: ашық реңли яки жақтылықты қайтарыўшысы бар болған кийимлерди кийиң, балаңызды да сондай қылып кийиндириң.
Сары, қызғылт сары, ақ, ашық жасыл кийимлер пияданың жолдағы қәўипсизлигин бир неше мәрте асырады. Егер қара реңдеги кийим кийсеңиз, кийимиңизде жақтылық қайтарыўшы сызықлар болыўына итибар қаратың.
Балаларыңызға ашық реңли кийимлер кийгизиң, арнаўлы жақтылық қайтарыўшы элементлерден пайдаланың яки сондай элементлери бар кийимлерди сатып алың. Ашық реңли кийимдеги адамды айдаўшылар узақ аралықтан кѳре алады ҳәм тезликти ертерек қайтарыў имканиятына ийе болады.
Жолды тек пиядалар ѳтиў орнынан кесип ѳтиң, күтип турыў зәрүр болса, жолдың шетинде турың.
Ҳүрметли ата-аналар! Ѳзиңиздиң ҳәм жақынларыңыздың қәўипсизлигин есиңизден шығармаң!