Баланың иштейин қалай асырыўға болады?

  • Бала аўқат жегиси келмесе, оны ҳеш қашан буған мәжбүрлемең. Аўқатланыў балада негатив эмоциялар, жаза ҳәм қорқыў сезимлерин оятпаўы керек.
  • Күн режимин белгилең. Аўқатланыў ҳәр күни бир ўақытта болыў керек, сонда ғана аш болыў сезими автомат тәризде, керек пайытта пайда болады.
  • Киши аўқатланыўларды шеклеў. Күнине еки рет киши аўқатланыў қылыўға рухсат етиледи – азанғы екинши аўқатланыў ҳәм песиндеги аўқат. Баланың тез-тезден аўқатланыўына жол қоймаң, себеби бул әдет иштейиниң жоғалыўына себеп болады. Зыянлы мазалы затлардың орнына мийўе ҳәм овощларды бериң.
  • Ҳәр қыйлы азық-аўқатларды бериң. Бул, баланың қайсы аўқатты унатып жейтуғынлығын түсиниўге жәрдем береди.
  • Сүт ҳәм қурамында қант бар ишимликлерди ишиўин шеклең. Балаға күнине 2 стаканнан артық сүт (қатық, йогурт) бермең. Сүт ѳнимлери калорияға бай болады, оларды кѳп қабыллаў асқазанға тоқлық сезимин береди ҳәм балаларда иштейиниң жоғалыўына себеп болады. Сондай-ақ шербетлерди, газланған ишимликлерди, какао ҳәм ыссы шоколадларды қабыллаўды да шеклеў керек. Балаларға суў ҳәм қантсыз компотлар берген мақул.
  • Балаға зәрүр болған аўқат порциясын дурыс таңлаң. Тарелкаға аўқатты толтырып салың, бала ѳзи қәлегенинше жеўи керек. Балаға аўқатты мәжбүрлеп жегизбең. Баланың орташа қанша аўқат жейтуғынлығын анықлаўыңызға болады – бул оның порциясы есапланады. Буннан кейин оған аўқатты сол муғдарда берип барың, егер бала қәлесе және қосымша жеўине болатуғынлығын есине салып турың.
  • Тез-тезден таза ҳаўада сейил етип турың. Бала энергиясын қаншели кѳп жумсаса ол соншели кѳп аўқат жейди ҳәм иштейиниң ашылыўын күтиўге қәжет болмайды.

Егер баллада тѳмендеги белгилер болса педиатрға мүрәжат етиў зәрүр:

  • Баланың салмағының себепсиз кемейиўи;
  • Кейинги алты ай ишинде балаңыздың салмағы аспаса;
  • Балаңызда диарея яки ысытпа болса;
  • Балаңыз ҳәр дайым аўқаттан соң қайт етсе.
Keyingi