Не ушын бала жақсы аўқатланбайды?

Баланың иштейиниң болмаўы жағдайы менен ҳәр бир ата-ана дус келиўи анық. Бундай жағдайларда, аўқатқа иштейиниң жоқлығына не себеп болғанлығын анықлаў жүдә зәрүр. Мысалы, баланың аўқатты таңлап жеўи, иштейиниң ўақытша жоқлығы яки организминде аўыр бузылыўлар себеп болыўы мүмкин.

Балаларда иштейдиң болмаўының ең кѳп ушырасатуғын себеплерин келтирип ѳтемиз:

  1. Балада кеселлик болған яки кеселленип атыр. Қәлеген кеселлик, ҳәттеки әпиўайы аязлаў да баланың иштейиниң бузылыўына себеп болыўы мүмкин. Бундай жағдайларда балаға кѳп аўқат бериўге болмайды, кеселлик ѳтип кеткеннен соң иштейи ѳз ҳалына келеди.
  2. Ас сиңириў системасы кеселликлери. Иштиң аўырыўы, желлесиўи, қатыўы ҳәм ѳтиўи кеселликтиң белгилери болыўы мүмкин. Асқазан-ишек тракты саўалғаннан соң тәбийий ҳалда иштей жақсыланады.
  3. Үйдеги яки мектептеги стресс, аўқатланыў ҳәм уйқы режиминиң бузылыўы — булардың бәри иштейди тѳменлетиўи мүмкин.
  4. Витаминлер ҳәм микроэлементлердиң жетиспеўшилиги. Мысалы, темир яки фолий кислотасының жетиспеўшилигинде анемия пайда болады ҳәм нәтийжеде иштей тѳменлейди.
  5. Бойдың тез ѳсиўи. Гейде балалардың жасы үлкейиўи менен иштейи тѳменлейди. Егер бала саламат, актив, салмағы жақсы болса, ол ѳзи қәлегенише аўқатланыўы керек.
  6. Физикалық активликтиң пәс болыўы. Егер бала ўақтының барлығын телевизор кѳриў яки смартфонда ойын ойнаў менен ѳткерсе, баланың энергиясы сарыпланбайды. Ҳәрекет қаншели кѳп болса, иштейи де соншели жақсы болады.
  7. Бѳлип-бѳлип аўқатланыў әдети. Кѳбинше ата-аналар балаларының иштейи жоқлығынан тәшиўишленеди, ал бирақ, баланың иштейи жақсы болыўы мүмкин. Ал бала толық аўқатланыўдың орнына қурамында қант бар ѳнимлер ҳәм ишимликлер қабыллап жүреди.
  8. Тек айырым аўқат түрлерин жеўди қәлемейди. Егер бала гүл капуста жегиси келмесе, бул оны улыўма жемейди дегенди аңлатпайды.
Aldıng’ı