Баланы китап оқыўға қалай қызықтырыўға болады?
Бала тәрбиясы жүдә жуўапкершиликли ис ҳәм адамнан шыдам ҳәм үлкен мухаббат талап етеди. Ҳәр бир ата-ана баласының ақыллы, билимли ҳәм саўатлы болыўын қәлейди. Бирақ балалардың барлығы да китап оқыўды унатпайды. Деген менен, ҳәр бир баланы китап оқыўға қызықтырыўға болады.
Тѳменде, баланың китапқа болған қызығыўшылығын оятыўда зәрүрли бир неше мәсләҳәтлер берилген.
Баланы кишкенелигинен китап оқыўға үйретиң. Ата-аналар оларға балалар китабын оқып бериўди баланың кишкенелигинен баслаўы, кейин, жасына сай әдебиятларды оқыўға ѳтиўи зәрүр. Бала уйқыдан алдын ертек оқып берген ата-анасының даўысынан ләззет алады ҳәм оның китапқа деген сүйиспеншилиги қәлиплесип баслайды.
Ата-аналар балалары ушын ең баслы ѳрнек! Балалар кѳп нәрсени ата-анасынан үйренеди. Егер, сиз турақлы түрде китап оқысаңыз, оның мазмунын шаңарақ ағзалары менен биргеликте додаласаңыз, сиз балаңызға ѳрнек боласыз. Ўақыттың ѳтиўи менен балада да китапқа деген қызығыўшылық оянып баслайды.
Балаға ѳзиниң жасына сай әдебиятларды оқыўды усыныс етиң. Егер балаңыз қандайда бир мультфильмди унататуғын болса, оған сол мультфильм қайсы китап тийкарында сүўретке алынған болса, сол китапты оқыўды усыныс етиң. Сондай-ақ, китапты оқығанда, баланың дыққатын китап пенен фильмниң арасындағы парқына қаратың.
Бала ѳзи қәлеген китапты оқысын. Айырым балалар кѳркем әдебиятты хош кѳрмейди. Олар ҳәр қыйлы энциклопедияларға кѳбирек қызығады.
Балаңыз бенен китап дүканына бирге барың. Балаңыз китапларды ѳз бетинше таңлап алсын. Бул, балада ѳз бетинше пикирлеўди қәлиплестиреди.
Егер балаңызда турақлы түрде китап оқыў әдетин қәлиплестирмекши болсаңыз, оны ҳәр ҳәпте кеминде бир мәрте китапханаға апарып турың. Асығыслық қылмаң, китапты биргеликте таңлап оқың. Үйде оқыў ушын да китаплар сатып алың. Егер ҳәр күни, кеткен ўақтыңызға ашынбай, балаға китап оқып берсеңиз, бара-бара ол ѳз бетинше китап оқып баслайды ҳәм бул шаңарақтағы жақсы дәстүрге айланады.