Мектептеги баҳалар не ушын керек?
Баланың келешекте қалай өсиўи, шахс болып жетилисиўи процесинде қандай раўажланыў жолынан барыўы, қайсы кәсипти таңлаўы, әрманын қәйтип иске асырыўы, ең дәслеп, оның балалықта қандай көз-қарасқа ийе болғанына байланыслы.
Баҳа дегенимиз не?
Баҳа – оқыўшының пән бойынша өзлестириў дәрежесин ҳәм дүньяға көз-қарасын белгили бир нормалар бойынша, сондай-ақ, билим ҳәм көнликпелер тийкарында анық бир теманы ийелеў дәрежесин өлшеў усылы болып табылады.
Расында да, баҳа оқыўшыға жигер береди. Баҳа тек үлгерим дәрежесин анықлаў ушын ғана емес, ал оқыўшылардың билим алыў барысында қосымша талапларды анықлаў ушын да әҳмийетли болып табылады. Бул оқыўшылардың үлкен табысларға ерисиўи ушын, ҳәр қыйлы олимпиадалар, халықаралық таңлаўларда турақлы түрде қатнасыў мүмкиншилигин ашып ғана қоймай, келешекте өз тараўының шынайы қәнигеси болып жетисиўине де беккем тийкар жаратады.
Мектеплерде оқыўшылардың билими қалай баҳаланады?
Бүгинги күнде мектепте оқыўшылардың билимин рейтинг системасы тийкарында баҳалаў тәртиби енгизилген. Оқыўшылардың билими төмендеги қадағалаў түрлери арқалы баҳаланады:
- әмелий қадағалаў – оқыўшылардың билим, көнликпе ҳәм уқыпларын сораў ҳәм тестлер формасында үзликсиз бақлаў;
- аралық имтиханлар шерек жуўмағында ҳәм оқыў бағдарламасының тийисли бөлими таўсылғаннан кейин оқыўшылардың билим, көнликпе ҳәм уқыпларын баҳалаў ушын өткериледи; олар жазба тест ҳәм викторина формасында болады;
- басқышпа-басқыш қадағалаў оқыў жылы жуўмағында аўызша, жазба имтихан ҳәм қадағалаў жумыслары формасында; сол тийкарда рейтинг анықланады ҳәм оқыўшыны кейинги классқа өткериў бойынша қарар қабыл етиледи;
- жуўмақлаўшы қадағалаў оқыўды жуўмақлағаннан соң мәмлекетлик аттестация формасында.
Қадағалаўдың ҳәр бир түри, оның формасына қарамастан, бес пүтин сан жәрдеминде бес (5) балл («5», «4», «3», «2», «1») бойынша баҳаланады.