Сабақларын оқыўды қәлемейтуғын балаға қалай жәрдем бериўге болады?
Ҳәр бир ата-ана ѳз баласына ең жақсы келешекти тилейди. Сол ушында, ата-аналар балаларының оқып билим ҳәм тәрбия алыўы ушын толық шәраят жаратып бериўи зәрүр.
Мысалы, балаңыз мектепте тийисли тәртипте оқып билим алыўды қәлемейди деп кѳз алдымызға келтирейик. Нәтийжеде, баланың сабақларынан баҳалары да, жүрис-турысыда тѳменлеп кетеди.
Ата-анасының балаға басым ѳткериўи себебинен машқала жәнеде аўырласыўы мүмкин. Егер балаға басым ѳткерсеңиз, ол тек мектепте емес, ал үйде де ѳзин жаман сезип баслаўы мүмкин. Буның нәтийжеси, оқыўдан бас тартыў мақсетинде баланың жалған сѳйлеўи жағдайлары болыўы мүмкин. Баланың оқыўға деген тилегиниң жоқлығы машқаласы еле де үлкейип бара береди.
Муғаллимлерди айыплаўға ҳеш қандай да орын жоқ. Машқалалар басқалардың себебинен болмақта деп, балаңыз ѳзиниң қәтеликлери ушын басқаларды айыплап баслайды. Яғный, балаңыз ѳз ис-ҳәрекетлери ушын жуўапкершиликти ѳзине алыў уқыбын жоғалтып баслайды.
Эмоцияларыңызды дурыс басқарыўға ҳәректе етиң. Кейипиңиз тѳмен яки ашыўлы пайытыңызда балаңызға оқыўы тѳмен екенлигин айтып урыспаң.
Балаңызға жәрдем бериўде пайдалы болатуғын бир неше мәсләҳәтлерди усынамыз.
- Машқаланың түп-тийкарын анықлаң. Баланың сабақларынан тѳмен оқыўы, мектепте қатар-қурбыларының оның үстине күлиўи, басқа мектепке ѳтиўи, имтиханлардан қорқыўы, шаңарақтағы машқалалар, уйқысының толық болмаўы, дыққатын жәмлей алмаўы яки албыраўшылығы сыяқлы себеплерге байланыслы болыўы мүмкин. Барлығына ериншеклиги себеп деп ойламаң.
- Жақсы оқыўы ушын қолайлы шәраят жаратың. Балаңыз үй жумысларын ислеўи ҳәм сабақларын таярлаўы ушын кесте дүзиң. Балаңызға телефон, телевизор яки сол сыяқлы затларға алаң болмай, дыққатын тек оқыў ушын қарататуғын қолайлы шәраят жаратып бериң. Балаңыз сабақларын бѳлимлерге бѳлип оқыса, оның оқыўы аңсатырақ болады.
- Оқыўын хошаметлеп барың. Бала мектепте жақсы оқығаны ѳзине пайдалы екенлигин сезсе, оның сабақларға болған қызығыўшылығы еле де артады. Мысалы, математика пәнинен жақсы оқыса, қаржыны дурыс сарыплап яки ѳзи қәлеген нәрсесин алыў ушын қаржы жыйнап үйренеди.
- Балаңызға сабақларын таярлаўға жәрдемлесиң, бирақ барлығын ѳзиңиз ислеп бермең.