Балаларда анемия бар екелигин қалай анықлаўға болады?
Анемия (кем қанлық) бул организмди кислород пенен тәмийинлеўши қан қурамындағы қызыл қан денешелери (эритроцитлер) ҳәм/яки гемоглобин муғдары кемейгенде пайда болатуғын жағдай.
Балаларда кѳп ушырасатуғын анемия белгилерине тѳмендегилер киреди:
- тери ҳәм силекей қабатының ақшыл болыўы;
- иштейдиң тѳменлеўи;
- ашыўшақлық;
- ҳәлсизлик, тез шаршаў яки уйқышыллық;
- шаш ҳәм тырнақтың морт болыўы;
- шашлардың реңсизлениўи ҳәм ѳсиўиниң тоқтаўы;
- шаш түсиўи;
- ләб ҳәм аўыз мүйешлериниң жарылыўы;
- қурғак тери;
- тилдиң тегис ҳәм жылтыр болыўы;
- тез-тезден аязлап аўырыў.
Анемияның аўыр түрлеринде тѳмендеги белгилер ушырасыўы мүмкин:
- дем қыспа;
- жүректиң тез соғыўы;
- қол ҳәм аяқлардың исиўи;
- бас аўырыўы;
- мий айланыўы ҳәм бийҳуш болыў.
Анемия диагнозы улыўма қан анализи лабораторияда изертленгеннен соң қойылады.
Егер балаңызда жоқарыда кѳрсетилген белгилерди сезсеңиз ҳәм аўқатлық затларында темир элементи кем болса, педиатр шыпакер менен мәсләҳәтлесиң. Анемияның кѳп түрлери болады ҳәм олардың ҳәр бири айрықша емлеў усылларын талап етеди. Сонлықтан балаға витаминлер, аўқатлық затларға қосымшалар яки басқада рецептсиз сатылатуғын дәрилерди берместен алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесип алың.