Балам еңсесин бүкшейтип жүреди. Буның себеби неде?
Қәдди-бойдың машқалалары ең дәслеп мектепке шекемги дәўирде пайда болыўы мүмкин, яғный бала отырып үйренгенде ямаса ходунокларды пайдаланғанда. Кѳпшилик ўақытлары, скелеттиң тез ѳсип раўажланатуғын дәўири болған балалық ҳәм жас ѳспиримлик дәўирде пайда болады.
Еңсе бүкшейўиниң ең кѳп ушырасатуғын себеплери:
- Жас ѳспирмлер компьютер, телевизор ҳәм мектеп парталарында кѳп ўақыт ѳткереди. Қозғалмай кѳп отырып ѳмир сүриў омыртқаны услап турыўшы арқа булшық етлериниң ҳәлсизлениўине алып келеди.
- Бала тез ѳседи, арқа булшық етлери омыртқа узынлығына созылып үлгере алмайды ҳәм арқаны тик услаўға күши жетпейди.
- Жумыс ислеў орнын надурыс шѳлкемлестириў, яғный отырыўға қолайлы болмаған стол ҳәм отырғыш омыртқаның қыйсайыўына алып келеди.
- Жумыс ислеў бѳлмесинде жақтылықтың жетиспеўи себепли баланың китаптағы жазылғанларды жақсы кѳриўге ҳәрекет етеди ҳәм нәтийжеде еңсеси бүкшейип баслайды.
- Уйқылағанда надурыс позада жатыў, дым жумсақ тѳсек.
- Психологиялық себеплери – жас ѳспиримниң бойы тез ѳсип раўажланады ҳәм ѳзиниң бойының узынлығына үйренисип үлгермейди, тартынады, кѳзге түспеўге ҳәрекет етеди ҳәм нәтийжеде ѳзи билмеген ҳалда бүкшейип баслайды. Гейде, бойы узын балалар қатар-қурбынан уялып, ѳзлерин келтерек қылып кѳрсетиўге ҳәрекет етеди.
- Табанның қәлиплесиўиниң бузылыўы: оны тегис баспаў, жалпақ табанлық.
- Бүкшейиў бул омыртқаның қыйсаўы белгилериниң бири есапланады.
- Буўынлардың гипермобиллиги (жоқары ийилиўшеңлиги) бул нәсиллик ѳзгешелик болып, бунда булшық ет функциялары тѳменлеп, омыртқаны туўры жағдайда услап тура алмайды.
- Ўақтында зәрүрли итибар берилмеген ҳәм емленбеген арқадан алған жарақатлар.
Қәдди-бойдың бузылыўының қалай алдын алыў кереклиги ҳаққында келеси мақалада оқып аласыз