Баланың қәдди-бойы шырайлы болыўы ушын не ислеў керек?
Адамның қәдди-бойы бул адам денесиниң ҳәрекеттеги яки тыныш ҳалатындағы үйреншикли жағдайы. Егер баланың басы тик, кѳкиреги кең керилген, ийинлери бир тегис, қарны ишке тартылған, аяқлары дизе ҳәм жанбас бѳлиминде ийилмей тегис турса, демек баланың қәдди-бойы дурыс раўажланған есапланады. Баланың қәдди-бойы дурыс қәлиплесиўи ушын тѳмендеги қағыйдаларға әмел етиў керек:
- Баланың столы оның қоллары тѳмен түсирилгендеги шығанақлары бийиклигинде болыўы керек. Отырғыш таңлағанда, нормал жағдайда баланың табаны еденге тийип турыўы, ал дизелери 90 градус астында бүгилген болыўы керек.
- Отырғанда отырғыштың арқасына баланың арқасы белден сәл бүгилген ҳалда тийип турыўы керек. Стол ҳәм кѳкирек арасындағы аралық 1,5-2 см, басы сәл алдыға ийилген болыўы керек.
- Уйқылағанда тегис, жүдә жумсақ болмаған матраста, пәс дастықта яки мойын астына валик қойып жатыў усыныс етиледи. Кәттиң узынлығы баланың денесиниң узынлығынан 20-25 см. узынырақ болыўы тийис
- Ҳәрекетли ойынлар, әсиресе таза ҳаўадағы ойынлар балалар ушын жүдә пайдалы. Бул ойынлар баланың булшық етлериниң беккемлениўине, жүрегиниң, дем алыў органларының жақсы ислеўине, зат алмасыўының жақсыланыўына жәрдем кѳрсетеди.
- Қәдди-бойының бузылыўының алдын алыўда ең жақсы усыл бул дурыс ҳәм ѳз ўақтында басланған физикалық тәрбия. Баланың қызығыўшылығына қарай, жүзиў, жуўырыў, гимнастика, аяқ ойынлары ҳәм басқада пайдалы спорт түрлери бойынша секцияларға қатнастырыўға болады.
- Аўқатланыўы толық ҳәм кѳп түрли болыўы керек. Баланың ҳәр күнги рационына сүт ҳәм сүт ѳнимлерин (қатық, йогурт, творог), гѳш ҳәм балықтан таярланған аўқатлар, таза мийўе ҳәм овощлар, шербетлерди қосыў керек.
- Қәдди-бойы бузылған барлық балалар поликлиникадағы ортопед есабында турыўы шәрт. Оларға емлеў физкультурасы, массаж, жүзиў, физиотерапия ҳ.т.б. белгиленеди
Баланың қәдди-бойының бузылыўы яки қыйсайыўына гүман пайда болса, ортопед шыпакер менен мәсләҳәтлесиң.