Вакциналар ҳаққында қысқаша мағлыўмат
Вакциналар ҳәр жылы миллионлаған адамның өмирин сақлап қалады. Бирақ, вакцинация өткерилмеген жерлерде адамлардың өмири ҳәм денсаўлығы қәўип астында қалмақта.
Вакцина дегенимиз не?
Вакцина – бул аўыр кеселликлердиң алдын алыў ҳәм олардан қорғаныў ушын саў адамға жиберилетуғын препарат болып табылады.
Дәри-дәрмақлар адамларға кеселинен айығып кетиўге жәрдем береди. Ал вакциналар, биринши нәўбетте, кеселликтиң алдын алады.
Көплеген вакциналар нәрестелерге салынады, себеби олар вирусларға көбирек бейим болады. Вакциналардың көбиси ислеп шығырылған иммунитет арқалы олардың организмин пүткил өмири даўамында қызылша, полиомиелит сыяқлы кеселликлерден қорғаўға жәрдем береди.
Ҳәр бир вакцина белгили бир кеселликтен қорғайды, сол себепли вакцинациялардың ҳәммесин алыў әҳмийетке ийе.
Сонда вакциналар қандай хызмет атқарады?
Вакциналар баланың организмине кеселлик шақырыўшы микробларды айырып билиўди ҳәм еслеп қалыўды «үйретеди». Вакцина алған адамның организми қәўипли микробқа дус келгенинде, ол қәўипти тез танып алып, оған қарсы гүреседи.
Вакцина арқалы емлеў және қандай артықмашлықларға ийе?
- Вакциналар иммун системасын кеселликлерге қарсы гүресиўге үйретеди.
- Вакциналар қәўипсиз ҳәм нәтийжели болып табылады.
- Вакциналар өлимге алып келетуғын кеселликлердиң алдын алады.
- Вакциналардың организмди иммунитет пенен тәмийинлеўи тәбийий инфекцияларға қарағанда нәтийжелирек.
- Комбинацияланған вакциналар қәўипсиз ҳәм пайдалы болып табылады.
Егер биз вакцинацияны тоқтатсақ, оспа (шешек), полиомиелит (ләң), столбняк сыяқлы әллеқашан сапластырылған кеселликлер қайтадан пайда болыўы мүмкин.