Гормонларды қолланыў — тек шыпакер кѳрсетпеси менен!
Гормоналлық препаратлар – дәрилик затлар болып, қурамында биологиялық актив затларға (гормонларға) ийе болады.
Билип қойған әҳмийетли:
- гормоналлық препаратлар менен емлениўди тек шыпакер буйырады;
- Наўқасты толық тексериўлерден ѳткергеннен кейин ғана дәрилерди дурыс таңлаўға болады;
- Ҳәр бир гормоналлық препарат бир қатар қарсы кѳрсетпелерге ийе;
- Емлениў курсы тек шыпакер бақлаўы астында ғана әмелге асырылады.
Кѳпшилик ўақытта гормонотерапия тѳмендеги кеселликлерди емлеўге белгиленеди:
- эндокрин системасының бузылыўы;
- белгили бир түрдеги гормонлардың ислеп шығылыўының бузылыўы;
- аутоиммун кеселликлери;
- жынысый системаның бузылыўы;
- онкология;
- аўыр аллергиялық ҳалатлар;
- шок ҳалатлары.
Тилекке қарсы, айырым ата-аналар шыпакер мәсләҳәтисиз, зәрүрлик болмаса да гормоналлық препаратларды қабыллайды, ҳәттеки балаларына да береди. Буның себеби, бул дәрилердиң гормонал системаға қандай тәсир кѳрсетиўи ҳаққында жақсы билмегенлиги.
Надурыс таңланған гормоналлық препаратлар яки оларды надурыс қабыллаў усылы адамға жүдә үлкен зыян тийгизиўи мүмкин. Олар күшли тәсир етиўши дәрилер есапланып, жүдә қатты зәрүрлик болғанда ғана пайдаланылады.
Гормоналлық препаратлардың қандай зыяны ҳәм кери тәсирлери бар:
- Жүрек функциясының бузылыўы;
- Күшли бас аўырыўы;
- Асқазан-ишек трактының бузылыўы;
- Аллергиялық таспа ҳәм қышыў;
- қантлы диабеттиң пайда болыўы;
- зат алмасыўдың бузылыўы;
- жынысый системаның кеселлениўи;
- таяныш-ҳәрекет аппаратында машқалалар;
- Кальцияди ѳзлестириўдиң бузылыўы;
- Психоэмоционаллық тең салмақлылықтың бузылыўы ҳәм басқа да кеселликлер.
Егер шыпакер гормоналлық емлеў буйырған болса, препаратларды қабыллаўды ѳз бетинше тоқтатыўға болмайтуғынлығын билип қойыў зәрүр. Дәрилерди қабыллаўды шыпакердиң кѳрсетпеси менен дозаларды кемейтип барыў арқалы тоқтатыў керек, кери жағдайда «бийкарлаў синдромы» пайда болып, тйикарғы кеселликтиң асқыныўына алып келиўи мүмкин.
Бундай ақыбетлердиң алдын алыў мақсетинде шыпакер наўқастың салмағын, бойын ҳәм гормоналлық қан анализлерин итибарға алған ҳалда дозировканы есаплап шығады.
Сол себепли, гормоналлық препаратларды қабылламастан алдын шыпакер менен мәсмләҳәтлесиң. Егер шыпакер гормонотерапияны усыныс етсе, буйырған дәрилерин қатаң түрде шыпакердиң кѳрсетпеси тийкарында (күнниң белгиленген ўақтында, қалдырмастан) қабыллаң.