Инсулинли помпа дегенимиз не?
Қантлы диабет кеселлигинде, қандағы қант муғдарын қадағалап турыў ушын турақлы түрде қан анализин тапсырып ҳәм емлеўши шыпакердиң қатаң қадағалаўында инсулин инъекциясын қабыллап турыў керек. Тилекке қарсы, шаншыўдан (укол) қорқатуғын кѳпшилик адамларға бул машқала туўдырады.
Диабет пенен кеселленген айырым наўқаслар, әсиресе балалар ушын ҳәр күни инъекция қылыў қаншели қорқынышлы еситилетуғынлығын түсиниўимизге болады. Буған альтернатива орнында инсулинли помпаны қолланыў мүмкин.
Инсулинли помпа бул кишкене электрон қурылма болып, ол алдыннан жеке тәртипте сазланған бағдарлама тийкарында инсулин салып турады.
Инсулинли помпа инсулин менен емленип атырған диабеттиң 1 ҳәм 2 типлери менен кеселленген наўқасларға усыныс етиледи.
Инсулинди турақлы түрде тери астына жиберип турыў, жийи түрде инъекция қылыў зәрүрлигинен азат етеди. Күни-түни анық дозаларда жиберилип туратуғын, тез тәсир етиўши инсулин, организмниң мүтәжлигин толық қанаатландырып барады.
Инсулинли помпа менен емлеў, диабеттиң қысқа ҳәм узақ мүддетли асқыныўларының алдын алады, себеби, ол қандағы қант муғдарын анық белгиленген диапазонда сақлап турыўға жәрдем береди.
Инсулинли помпаны шомылыў процедуралары яки спорт пенен шуғалланған пайытлары жаздырып алып қойыўға болады. Басқа ўақытлары помпаны шалбардың ременинде, қалтада, арнаўлы чехолда яки белге қыстырып жүриўге болады.
Инсулинли помпа менен әтираптағылардың кѳз алдында балаға ҳәр дайым шаншыў қылып жүриў шәрт емес, басқалардың итибарын тартпаған ҳалда, тек ғана үскенедеги кнопкаларды бассаңыз жеткиликли.
Инсулинли помпаның кемшилик тәрепи, оның резервуарлары ҳәм инфузионлық топламы инсулин салыўға арналған шприц яки қәлем-шприц баҳасынан әдеўир қымбатлығында.
Инсулинли помпаны алыў ушын сизди емлеп атырған эндокринолог шыпакерге хабарласыўыңыз зәрүр, шыпакер үскенени ѳзи орнатады ҳәм қалай пайдаланыў кереклигин түсиндиреди.
Келеси мақалада 1-тип қантлы диабети қандай кеселлик екенлиги ҳаққында оқысаңыз болады.