Кайсы бактерияларды антибиотиклер менен емлеў қыйын?

Жәҳән ден саўлықты сақлаў шѳлкеми тәрепинен антибиотиклердиң тәсирине турақлы бактериялардың дизими анықланған. Булар инсан организмине ең үлкен қәўип салыўшы 12 «приоритетли патогенлер» деп аталыўшы бактериялар. Олар дәрилик препаратлардың тәсирине қарсылық кѳрсетиўдиң жаңа усылларын излеў ҳәм оны генетикалық жақтан басқа микроорганизмлерге жеткериў уқыбына ийе бактериялар.

ЖДССШ турақлы бактерияларды үш топарға бѳледи: приоритетли ҳәм орта приоритетли, жоқары приоритетли. Бундай классификациялаўдан улыўма мақсет – приоритетли инфекция қоздырыўшыларды бирме-бир атап ѳтиў, оларға қарсы гүресиўге қаратылған илимий изертлеўлер алып барыў, дәрилерге турақлы бактериялық инфекцияларды, соның ишинде туберкулезды емлеў ушын жаңа антибиотиклерди жаратыў.

Приоритетли ҳәм орта приоритетли топарлар жүдә кең тарқалған гонорея ҳәм аўқатлық затлардан зәҳәрлениў (сальмонеллез) кеселликлерин шақырыўшылар есапланады. Жоқары приоритетли бактериялар кѳплеген микробқа қарсы дәрилерге турақлы болады. Олар ѳлимге алып келиўши қан инфекцияларын ҳәм пневмонияны қоздырыўы мүмкин. Әсиресе, емлеўханадағы, реанимация ҳәм интенсив терапия бѳлиминдеги наўқасларға айрықша қәўип туўдырады.

Туберкулезды қоздырыўшылар булар айрықша турақлы бактериялар категориясында болып, олардың турақлылығы ҳәр жыл сайын асып бармақта. Бул қоздырыўшылар кѳплеген социаллық бағдарламалардың дыққат итибарында болады. Не себеп? Туберкулезды қоздырыўшы Mycobacterium tuberculosis биз кѳрип шығып атырған басқа бактериялардан ѳзине тән бираз айырмашылыққа ийе. Мысалы, кеселликтиң узақ кешиўи: туберкулез, созылмалы характерге ийе, ал қалған кѳпшилик бактериялар ѳткир түрде кешетуғын кеселликлерди келтирип шығарады.

Бүгинги күнде туберкулез дүньядағы инфекциялық кеселликлерден ѳлимшиликтиң тийкарғы себеби есапланады. Ҳәр жылы туберкулезден 1,8 млн. адам ѳледи. Дәрилерге турақлы туберкулез ѳлимшилик кѳрсеткиши ең жоқары болған, микробқа қарсы дәрилерге турақлы кеселликлердиң ең кең тарқалған түри есапланады. Ҳәр жылы дәрилерге турақлы туберкулезден 250 мың адам ѳледи.

Ҳәзирги күнде А ҳәм Б топарлары Стрептококкы (ириңли исиниўлер, респираторлық кеселликлер) ҳәм хламидийдиң дәрилерге турақлылығы бираз тѳменирек болып, олар инсан организмине үлкен қәўип салмайды.

Не ушын адамлар бул қоздырыўшылар ҳәм олардың дәрилерге турақлылық қәсийети ҳаққында билиўи зәрүр? Себеби, бактерияларды жуқтырып алыўдан ѳзлерин қорғаўы жүдә әҳмийетли. Кеселликти емлегеннен кѳре, оның алдын алыў бәрқулла жақсырақ ҳәм аңсат болады.

Aldıng’ı Keyingi