Лейшманиоз кеселлигин қалай анықлаўға ҳәм ѳзимизди пешшелерден қалай қорғаўға болады?
Лейшманиоз бул пешшелердиң, анығырағы белгили бир түрдеги пешшелердиң шағыўы арқалы жуғатуғын кеселлик. Инфекцияның дереги ҳәм тасыўышысы болып адамлар ҳәм кемириўшилер, ийтлер ҳәм басқа да ҳәр қыйлы ҳайўанлар есапланады.
Бизиң елимизде лейшманиоздың тери формасы кѳбирек ушырасады. Лейшманиоздың қаладағы түри пешшелер бар қала ҳәм поселкаларда ушырасады. Ал аўылдағы түри республикамыздың саҳра зоналарында кең тарқалған. Кеселлик Сурхандәрья, Бухара, Қашқадәрья, Жиззақ, Наўайы, Самарқанд ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында жийи ушырасып турады.
Лейшманиоз кеселлигин қалай анықлаўға болады?
Пешше шаққаннан соң бир неше ҳәпте яки айдан соң шаққан орнында тери тығызлынып, қызарып бүртик пайда болады. Ол барған сайын үлкейип ортасы жараға айланады. Кѳбинше жара аўырыўсыз болады, бирақ бактериялық инфекция нәтийжесинде жара үлкейип ириңлесиўи мүмкин. Әдетте бүртик бир неше айдан соң ѳз-ѳзинен кетеди, бирақ бир неше жылларға шекем кетпей, орнында дақ қалыўы да мүмкин. Бундай қызарыўлар пешшелердиң бир неше рет шағыўының ақыбетинде пайда болыўы мүмкин ҳәм денениң ашық жерлеринде, яғный бетимизде, қол яки аяқларымызда болады.
Лейшманиозға кеселлигине гүман қылсаңыз кимге мүрәжат етиў керек?
Кеселликке гүман қылсаңыз инфекционист яки дерматолог шыпакерге мүрәжат етиўиңиз зәрүр.
Ѳзимизди пешшелерден қалай қорғаўымызға болады?
- Насекомаларды қуўыўшы ҳәр қыйлы ѳнимлер – репеллентлерден пайдаланың.
- Әйнек ҳәм қапыларға пешшеге қарсы торларды орнатың.
- Пешеханалардан пайдаланың.
- Денеңизде ашық жерлерди қалдырмаўға ҳәрекет етиң.
- Жайдың ишине тийисли кѳрсетпелерге муўапық яки қәнигелерди шақырып, инсектицидлер менен ислеў бериң.
- Ҳәпетеде бир мәрте гүл түбеклери, оның астындағы ыдыслар, бочка, шелек, үй ҳайўанлары ушын суў ыдыслары ҳәм басқада суў сақлайтуғын ыдыслардағы суўларды тѳгип, тазалап турың.