Мийдиң қозғалыўы: Бундай жағдайларда балаға қалай жәрдем бериўге болады?
Мийдиң қозғалыўы дегенимиз не?
Мийдиң қозғалыўы дегенимиз бул бас сүйеги ҳәм мийдиң жеңил жарақатланыўы. Мийдиң қозғалыўы басқа соққы тийгенде яки жарақат жеткенде бастың алдыға ҳәм артқа кескин күшли ҳәрекетленгенинде жүз береди. Оның нәтйижесинде мийде химиялық ѳзгерислер болады.
Мийи қозғалған адамда тѳмендеги белгилер болыўы мүмкин:
- Бас аўырыўы
- Кѳз алдының қараңғыласыўы яки булдыраўы
- Мий айланыўы, тең салмақлылықты услап туралмаў яки жүргенде теңселиў
- Албыраў, биймәни сѳзлерди сѳйлеў
- Түсиниксиз сѳйлеў
- Кеўил айныўы ҳәм қайт етиў
- Не болғанын естен шығарып қойыў
- Ѳзин тѳмен сезиўи
Әдетте, белгилер дәрҳал пайда болады, бирақ бир неше саатлардан яки бир неше күнлерден соң пайда болыўы да мүмкин.
Балалар ҳәм жас ѳспиримлер қандай жағдайларда мий қозғалыўына дуўшар болады?
Кѳпшилик жайдайларда балалар ҳәм жас ѳспиримлер спорт пенен шуғылланыўы пайытында мий қозалыўына дуўшар болыўы мүмкин.
Сондай-ақ, мий қозалыўы тѳмендеги жағдайларда да болыўы мүмкин:
- Автомобиль яки велосипедте авария жүз бергенде
- Мушласқанда
- Жығылғанда
Жеңил түрдеги мий қозалыўын қалай емлеў керек?
Шыпакер кѳриктен ѳткергеннен соң балаға мий қозғалыўының дәрежесине қарап тийисли дәри ҳәм режим буйырады.
Сондай-ақ, баланың саламатлығына зыян келмей, қысқа мүддетде ѳзине келиўине жәрдем кѳрсетсеңиз де болады:
Мий қозалыўынан 1-2 күн ѳткеннен соң:
- Балаңыз үйде дем алыўы зәрүр. Шаңарақ ағзалары ҳәм дослары менен қарым-қатнаста болыўы, китап оқыўы, сүўрет салыўы, сүўретлерди бояў яки басқада ҳәрекетсиз ойынлар ойнаса болады.
- Балаңыз видео ойынларды ойнаўды, хат жазысыўды ҳәм телевизор кѳриўди ўақытша тоқтатып турыўы зәрүр, себеби булар оның саламатлығын тѳменлетиўи мүмкин
- Спорт пенен шуғылланыўына жол қоймаң
- Баланың толық уйықлаўын тәмийинлең.
Мий қозалыўынан бир неше күн ѳткеннен соң:
- Балаңыз сейилге шығып яки телевизор кѳрип баслаўына болады.
- Меткепке барып баслаўына да болады.
- Бирақ ҳәзирше спорт пенен шуғылланыўына болмайды
- Ҳәр күни толық уйықлаўын қадағалап барың
Мий қозалыўынан бир ҳәпте ѳткеннен соң:
- Басынан және жарақат алмаўы ушын балаңыз спорт яки басқа да нәрселер менен шуғылланбаўын қадағалап барың.
Мий қозалыўынан бир ай ҳәм оннан кѳбирек ўақыт ѳткеннен соң:
- Егер балаңызда мий қозалыўының барлық белгилери толық ѳтип кетсе, ол әддетеги турмысына қайтса болады, бирақ спорт пенен шуғылланыўына болмайды.
- Тек ғана емлеўши шыпакер рухсаты менен спорт пенен шуғылланып басласа болады.