Не ушын айырым ата-аналар вакцинациядан бас тартады?

ХХ-әсирдиң 90-жылларына келип, балаларға қаратылған үлкен итибар нәтийжесинде жас ата-аналарда «Шаншыўлар растан да балалар саламатлығына пайдалы ма?» деген сораўлар пайда бола баслады. Қәниге емес адамлардың медицина бойынша жетерли билимге ийе болмаўы, екилемши мағлыўматлар дереклериниң кѳплиги денсаўлықты сақлаў тараўында бул мәселени бетер шийеленистирди. Усылай етип,медицина қәнигелери қәўетерленип атырған ата-аналарға шаншыўлардың қәўипсиз екенлигин дәлийллеп бериўине туўра келди.

Вакциналардың қәўипсизлиги туўралы мағлыўмат излеп атырған ата-аналар шаншыўдан соң жүзеге келиўи мүмкин болған, еле белгисиз аўыр кери тәсирлер ҳаққындағы мағлыўматларға дус келиўи мүмкин.

Айырым ата-аналар ҳәдден тыс муғдардағы вакциналардың санынан қәўетерге түсиўи мүмкин. Сондай-ақ, олардағы қәўетер мына сораўлар нәтийжесинде пайда болыўы мүмкин: бул вакциналардың барлығы да керек пе? Бир неше вакцинаны бир ўақытта салғанда, зыян жеткермей ме? Вакцина қурамында жүдә қәўипли бирикпелер жоқ па ҳәм олар қаншелли дәрежеде нәтийжели?

Бәлким, ҳәзирги ата-аналар вакцинопрофилактика жәрдеминде алдын алыўға болатуғын жуқпалы кеселликлерге ҳешқашан дусласпаған болыўы мүмкин. Сонлықтан, оларда «улыўма керек пе сол вакцина» деген гүман туўылыўы мүмкин. Олар вакцина себепли жүзеге келетуғын қәўип, оның кеселликтен қорғайтуғын пайдасына қарағанда жоқары деп пикирлейди.

Вакцинаға қарсы реакция ҳәм кери тәсирлер ата-аналарды жүдә кѳп қәўетерге салады. Әдетте, кери тәсирлер адамда қысқа мүддетке созылған температура ямаса шаншыў орнындағы қызарыў арқалы билинеди. Базыда вакцинациядан соң бала ѳзин басқаша тутыўы да мүмкин. Бул тәсирлердиң барлығы қәўипсиз ҳәм олар тез жоғалады. «Ҳәзирги ўақытта усыныс етилген вакциналардың қәўипли екенлиги туўралы ҳеш қандай дәлийллер жоқ. Вакцина салдырыў ўақтын кейинге қалдырған сайын, перзентиңизди сонша кеселлениў қәўпине қойып атырған боласыз» дейди Жәҳән Денсаўлықты Сақлаў Шѳлкеми.

Дерлик барлық адам вакцина алыўы мүмкин. Бирақ, анық бир кеселликке ямаса жағдайға шатылған адамларға айырым вакциналардың қарсы кѳрсетпелери бар ямаса бундай вакциналарды салыў кейинги мүддетке қалдырылыўы тийис. Бундай кеселлик ҳәм жағдайларға тѳмендегилер жатады:

  • Созылмалы кеселликлер, иммун системасын ҳәлсиретиўши емлеў курслары (мысалы, химиотерапия);
  • Вакцина қурамындағы затларға инсан ѳмири ушын ѳткир ҳәм қәўипли болған аллергиялық реакциялар. Бирақ олар жүдә сийрек гезлеседи;
  • Вакцинация дәўириндеги аўыр кеселликлер; бундай балаларға саўалып кеткеннен соң дәрҳал вакцинация ислеў керек; орташа дәрежедеги ҳәлсизлик вакцинация ушын қарсы кѳрсетпе бола алмайды.
Aldıng’ı