Организмде йод жетиспеўшилигиниң белгилери
Йод — инсан саламатлығы ушын жүдә зәрүрли микроэлемент. Ол, мийдиң раўажланыўында, бойдың ѳсиўинде, жаралардың жазылыўында ҳәм нормал метаболизм ушын зәрүрли болған қалқан сыяқлы без гормонларын ислеп шығарыўда әҳмийетли роль.
Организмде йод жетиспеўшилигиниң қандай белгилери болады?
- Ҳәлсизлик, кеўилсизлик, шаршаў;
- Артықша салмақ;
- Шаш түсиўи;
- Териниң қурғап, қабыршақланыўы;
- Түскин кейип ҳәм депрессия;
- Бәрқулла тоңып жүриў;
- Пульстың әсте урыўы;
- Билим алыў ҳәм ядта сақлаўдың бузылыўы;
- Етек келиўдиң бузылыўы ҳәм аўырыўлар;
- Иммунитеттиң тѳменлеў;
- исиниўлер;
- иштиң қатыўы;
- буғақ — қалқан сыяқлы безлердиң үлкейиўи.
Бул белгилердиң айырымлары анықланса, эндокринолог шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек. Шыпакер диагноз қойып, клиникалық ҳәм лабораториялық анализлер тийкарында тийисли емлеў буйырады.
Организмде йод жетиспеўшилигиниң алдын алыў ушын йодты аўқатлық затлар менен тез-тезден қабыллап турыў керек.
Қайсы аўқатлық затлар қурамында йод бар?
- теңиз водоросллери;
- теңиз балығы;
- теңиз ѳнимлери;
- сүт, мәйек ҳәм картофель қурамында аз муғдарда.
Ҳәр бир шаңарақтың күнделикли рационында йодланған дуз болыўы зәрүр.
Узақ ўақыт даўам еткен йод жетиспеўшилиги, жүрек қан-тамыр, сүйек, ас сиңириў системалары, семзлик ҳәм неврологиялық кеселликлерге, сондай-ақ физикалық ҳәм ақылый раўажланыўда артта қалыў машқалаларына алып келиўи мүмкин. Сол ушын, йод жетиспеўшилиги белгилери сезилсе, ѳз ўақтында шыпакерге мүрәжат етиў, кеселликтиң алдын алыў ҳәм йодқа бай аўқатлық затларды қабыллап турыў керек.