Шеригиңизди АИВға тест тапсырыўына калай кѳндирсеңиз болады?
АИВ статусын тексериў ҳаққында гәп басламастан алдын, шеригиңизден бул кеселлик ҳаққында пикирин сорап алың. Егер ол бундай вирус бар екенлигине исенбейтуғынлығын ҳәм оны бийкарлайтуғынлығын айтса, оны АИВга тест тапсырыўына кѳндириўге ҳәрекет етиў орынсыз болыўы мүмкин.
Егер шеригиңиз бенен жақын қарым-қатнаста болсаңыз, сораўды тиккелей бериўиңизге болады. Анализлерди биргеликте тапсырыўды усыныс етиң. Бирақ, «Не ушын мен? Маған исенбейсенбе?» деген сораўды бермең. Бул исенимди яки оның сизге шекем қанша жынысый шериги болғанлығын анықлаў усылы емес. Ҳәр бир адам да, емлеўханаларға, стоматологияларға ҳәм гѳззаллық салонларына барыўы ҳәм ол жерлерде стерилленбеген әсбаплар арқалы кеселликти жуқтырыў итималлығы бар.
Донорлық қан тапсырыў ушын биргеликте барыў жақсы ушырасыў болыўы мүмкин. Ѳзбекстанда қәлеген ири емлеўханаларда яки қан қуйыў орайларында донорлық қан тапсырыўға болады, қан тапсырмастан алдын қан анализи, сондай-ақ АИВ тестин де толық бийпул таспсырыўға болады.
Шериклердиң биринде АИВ бар болса, ал екиншиси саламат болса, бул биргеликте шаңарақ қурып, бахытлы ѳмир сүриўине тосқынлық қылмайды. Бүгинги күнде, инфекцияның алдын алыў ҳәм антиретровируслы терапияның нәтийжели схемалары бар. Терапия жәрдеминде ѳмирди узайтыў ҳәм оның сапасын асырыў, саламат балаларды дүньяға келтириў имканиятына ийемиз.