Қайсы шыпакерге мүрәжат етиў кереклигин билесизбе?
Саламатлығыңыз жақсы ҳәм алдағы ўақытлары да саламат боласыз деп үмит етемиз. Егер саламатлығыңызда қандай да бир машқалалар пайда болса, қайсы шыпакерге мүрәжат қылыў кереклигин билесиз?
Мақалада буны анықлаўға жәрдем беремиз.
Терапевт – ересек адамлар саламатлығында машқаллар пайда болса мүрәжат етиўи керек болған биринши ҳәм бас шыпакер. Толық тексериўлер ҳәм сорастырыў ѳткергеннен соң, терапевт қандай қосымша тексериўлерден ѳтиў, қандай анализлер тапсырыў ҳәм қайсы қәнигеге мүрәжат етиў кереклигин айта алады.
Педиатр - дерлик терапевт сыяқлы шыпакер бирақ тек балаларды қабыллайды. Егер балаңыздың ыссылығы кѳтерилсе, жѳтел пайда болса яки аязлаған болса, иши аўырса яки басқа да кеселлик белгилери пайда болса, педиатр шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.
Офтальмолог, ямаса окулист кѳз кеселликлерин емлейтуғын шыпакер.
Отоларинголог (ЛОР) бул қулақ, тамақ ҳәм мурын кеселликлериниң алдын алыў ҳәм емлеў менен шуғылланатуғын шыпакер.
Жүрек аўырғанда, жүректиң тез яки әсте соғыўы жағдайында, дем қыспада, мий айланғанда яки талып қалыў жағдайларында, қан басымы кѳтерилгенде яки түсип кеткенде кардиолог шыпакерге мүрәжат етиў зәрүр.
Гастроэнтеролог – ас сиңириў системасы кеселликлерин анықлайды ҳәм емлейди.
Гинеколог – ҳаял-қызлардың репродуктив системасы кеселликлерин анықлайды ҳәм емлейди.
Дерматовенеролог – тери, шаш, тырнақлар ҳәм силекей қабаты кеселликлерин, сондай-ақ, жынысый жоллар арқалы жуғатуғын кеселликлерди емлейди.
Невропатолог (невролог) – нерв системасының бузылыўы нәтийжесинде келип шығатуғын кеселликлерди, яғный, мойын ҳәм кѳкирек әтирапындағы, арқадағы аўырыўлар, уйқысызлық, талып қалыў, мий айланыўы, тутқанақ, ядта сақлаў қәбилетиниң, сезимталлықтың тѳменлеўи, қалтыртпа, сѳйлеўдиң бузылыўы ҳәм соған уқсас басқа да кеселликлерди анықлайды ҳәм емлейди.
Сидик жоллары, қуўық, бүйрек ҳәм простата бези кеселликлеринде уролог шыпакерге мүрәжат етиў керек .
Нефролог – бүйрек кеселликлерин емлейди.
Ыссылықтың кѳтерилиўи узақ даўам етсе, териниң реңи сарғайса, териде таспалар пайда болса, үлкен дәреттиң бузылыўы жағдайында (диарея, сидик ҳәм дәреттиң реңи ѳзгериўи), қайт етиў, исиклер, буўынларда аўырыў болса инфекционист шыпакерге мүрәжат етиў зүр.
Онколог – бул адам организминдеги қәўипли исиклерди анықлап, емлейтуғын шыпакер.
Психиатр – руҳый кеселликлерди емлейтуғын қәниге.
Пульмонолог ѳкпе, бронхлар, ѳңеш, ѳкпениң силекей қабаты, кегирдек кеселликлерин емлейди.
Улыўма профильдеги стоматолог тис, жақ кеселликлери ҳәм соған уқсас басқа да кеселликлерди емлейди.
Травматолог (Травматолог-ортопед) бул механикалық жарақатларды, таяныш-ҳәрекет аппаратының (сүйеклер, буўынлар, булшық етлер, шемиршеклер) бузылыўын, артрит и артрозларды емлейтуғын шыпакер.
Хирург бул хирургиялық араласыў талап етилетуғын кеселликлерди емлейди. Олар ҳәр қыйлы қәнигеликлерге ийе болыўы мүмкин, мысалы, кардиохирург, нейрохирург, хирург-онколог, жүз-жақ сүйеги хирурги ҳ.т.б.
Эндокринолог қантлы диабет, қалқан сыяқлы безлердиң патологиясы, бой ѳсиўиниң бузылыўы, семизлик, нәсилсизлик, жынысый ағзалар функциясының бузылыўы, денеге ҳәдден тыс кѳп түклердиң пайда болыўы сыяқлы кеселликлерди емлейди.
Бул шыпакер қәнигелердиң тек қысқа дизими. Терапевт ҳәм педиатрларға, сондай-ақ, айырым тар профильдеги қәнигелерге шаңарақ поликлиникаларында мүрәжат етсеңиз болады. Басқа қәнигелерди орайлық поликлиникалар ҳәм қәнигелестирилген орайлардан тапсаңыз болады.