Ҳөл жөтел неден дәрек береди ҳәм қалай оның алдын алыўға болады?
Жөтел – денениң қорғаныў реакциясы, дем алыў жолларын тазалаў механизми болып табылады.
Әдетте қурғақ жөтелден кейин ҳөл жөтел пайда болады, бул тезирек тәўир болыўдан дәрек береди. Бирақ гейде ҳөл жөтел созылмалы кеселликтиң, мәселен, бронхиттиң ямаса бронхиал астманың белгиси болыўы да мүмкин..
Исиниўде ямаса инфекция түскенде организм көбирек қақырық бөлип шығара баслайды. Ал, жөтел, өз гезегинде, оннан тазаланыўға жәрдем береди.
Көбинесе ҳөл жөтел төмендеги жағдайларда пайда болады:
- бронхитте;
- өткир респираторлық инфекцияларда;
- пневмонияда;
- бронхиал астмада;
- өкпе, трахея, бронхлардың рак кеселликлеринде;
- көп жыллардын берли темеки шегетуғын адамларда;
- өкпеде қан жүрмей қала беретуғын жүрек жетиспеўшилигинен жәбир шегетуғын адамларда.
Жөтелди жеңиў ушын сиз терапевт-шыпакерге, педиатр яки пульмонологқа көриниўиңиз керек. Әсиресе, балалар педиатрға көриниўи керек ҳәм бул мәжбүрий, себеби балаларда исиниў процесслери тез ўақыт ишинде төменги дем алыў жолларына өтип, асқынып кетиўи де мүмкин.
Ҳөл жөтелде жөтелге қарсы препаратларды қабылламаң, ондай қылсаңыз қақырық өкпеде жыйналады. Ҳөл жөтелде шыпакер көрсетпеси менен қақырық шығарыўшы ҳәм муколитикалық дәрилерди қабылласаңыз болады. Бирақ шыпакер оның себебин анықлап, оны сапластырыў ушын керекли анализлерди өткереди ҳәм даўаланыўдың тийисли режимин белгилейди.
Жөтел пайда болыўының ҳәм дем алыў жоллары кеселликлериниң алдын алыў ушын төмендегилерди ислеў зәрүр:
- иммунитетти беккемлеў;
- жийи таза ҳаўада жүриў;
- белсенди турмыс тәризине әмел етиў;
- саламат аўқатланыў принциплерине әмел етиў;
- зыянлы әдетлерден қутылыў;
- күн режимине әмел етиў;
- турақлы эмоционаллық жағдайды сақлаў.