Сақлаў мүддети ѳткен дәрилерди не қылыў керек?
Үйдеги дәри сақланатауғын қутылардағы қайсы дәрилердиң сақлаў мүддети питкенлигин турақлы түрде тексерип турыў керек екенлиги ҳәммемизге мәлим. Бирақ мүддети ѳткен жарамсыз дәрилерди қоршаған орталыққа ҳәм экологияға зыян келтирместен қалай жоқ қылыў кереклиги ҳаққында ҳәмме де биле бермейди.
Сақлаў мүддети ѳткен дәрилер де тәсирге ийе болыўы мүмкин бирақ жақсы нәтийже бермейди. Ол зәҳәрли химиялық затларға бѳлинип кетиўи мүмкин.
Сақлаў мүддети ѳткен дәрилер не қылыў керек?
Сақлаў мүддети ѳткен дәрилерди тасланды қутысына таслаўыңыз, унитаз яки раковинаға таслап ағызып жибериўиңиз мүмкин.
Дәрилерди тасланды қутысына таслаў: бундай ўақытта абайлы болыў керек, дәрилерди аўқатлық затлар қалдығына араластырыўға болмайды. Сондай-ақ дәрилердиң капсуласын ашып яки оларды езип таслаўға болмайды.
Дәрилерди унитаз яки раковинаға таслап ағызып жибериў: айырым дәрилер суўда аңсат ерийди, олардың кѳрсетпесинде «диспергацияланыўшы» деп кѳрсетиледи. Оларды канализацияға ағызып жибериўге болады.
Жарамсыз дәрилерди унитаз яки раковинаға таслап ағызып жибергенде суў патасланып, адамлар ҳәм жабайы тәбиятқа зыян жеткеретуғынлығын еситкен болсаңыз керек. Изертлеўшилер елеге шекем үйрениў жумысларын алып бармақта ҳәм ҳәзирше анық бир түрдеги дәрилер ағызып жиберилгенде қоршаған орталыққа зыян жетиўи мүмкин екенлигин анықламаған. Бирақ оларды ағызып жибермесе қәўип итималлығы бираз жоқары болады.
Дәрилерди жоқ қылыў аңсат, буның ушын бир неше әмеллерди ислеў зәрүр:
- Дәрини флаконнан яки кассетадан алып, аўызы жабылатуғын қалтаға салың. Таўып алған адам буның не нәрсе екенлигин билмейди. Бир қалатаға бир неше түрдеги дәрилерди салыўға болады.
- Полиэтилен қалта ишине суў қуйып дәрилерди жоқ қылың. Суў дәрилерди еритип жибереди. Соң, аўқатлық зат болмаған кофе қалдықлары яки ағаш қырындылары сыяқлы нәрселерди салып араластырың.
- Балалар яки ҳайўанлар қалтаны таўып алса, оның ишиндегилерди жемейди.
- Қалтаның аўызын бекем етип жаўып, шығындыға таслаң.
Дәрилерди утилизация қылыў жүдә әҳмийетли процесс есапланады. Ҳәр бир ата-ана балаларына дәрилердиң сақлаў мүддетине итибар қаратыў ҳәм оларды қалай дурыс жоқ қылыў кереклиги ҳаққында түсиндирип барыўы керек.