Кандидоз қандай кеселлик ҳәм оны қалай жеңиўге болады?

Кандидоз — Candida (Кандида) замаррығы шақырыўшы инфекциялық кеселлик. Бул замаррықлар адам организминде белгили муғдарда барқулла болады ҳәм адам саламатлығы жақсы ўақтында ҳеш қандай белги бермейди. Бирақ ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы оның муғдары кѳбейип, кандидоз келип шығыў мүмкин.

Кандидоз ересеклерде де, балаларда да болыўы мүмкин. Кандидоз тек сыртқы жынысый ағзаларда емес, ал аўыз қуўыслығы, тери ҳәм ишки органларда да пайда болыўы мүмкин.

Кандидоздың келип шығыўына не себеп болады?

  • Бактерияға қарсы препаратларды узақ ўақыт даўамында қабыллаў.
  • Гормоналлық ѳзгерислер, яғный жас ѳспиримлик дәўирде, етек келиўден алдынғы, ҳәмиледарлық дәўирде, менопаузада, контрацептивлерди қабыллаў нәтийжесиндеги ѳзгерислер.
  • Иммунитеттиң тѳменлеўи.
  • Надурыс аўқатланыў, углеводларға бай ҳәм қурамында ашытқы кѳп болған ѳнимлерди кѳп қабыллаў.
  • Гигиена талапларына әмел етпеў — қурамында силти кѳп болған сабын, гель, интим гигиенасы ѳнимлерин пайдаланбаў.
  • Тар яки синтетикадан исленген кийимлерди кийип жүриў.
  • Хош ийисли, синтетикадан исленген прокладкаларды кѳп пайдаланыў.
  • Созылмалы стресс ҳәм эмоционаллық шаршаў.

Кандидоздың қандай белгилери болады?

  • Жағымсыз ийисли «иримшик» сыяқлы ажыратпа.
  • Сыртқы жынысый ағзалардың ҳәм силекей қабатларының қызарып исиўи.
  • Денениң интим бѳлимлеринде қышыў ҳәм ашыў.

Бирақ қышыў пайда болыў ҳәм ажыратпалардың ѳзгериў жағдайларының барлығы да кандидоз себепли болмайды. Гейде, бундай белгилер жынысый жоллар арқалы жуғатуғын инфекциялар себебинен де болыўы мүмкин.

Кандидоз пайда болғанда тексериўлерден ѳтиў ҳәм емлениў ушын гинеколог шыпакерге мүрәжат етиў зәрүр.

Кандидоздың алдын алыў ҳәм тәкирарый пайда болмаўы мақсетинде тѳмендегилерге әмел етиў керек:

  • Жынысый ағзалар гигиенасын сақлаў ушын тек таза суў ҳәм арнаўлы сабынлардан пайдаланыў керек;
  • Қант ҳәм рафинация қылынған ѳнимлерди қабыллаўды ҳәм де қурамында ашытқы бар ишимликлерди ишиўди шеклеў;
  • Стресс ҳәм қатты шаршаў жағдайларына түспеўге ҳәрекет етиў;
  • Бактерияға қарсы ҳәм гормоналлық препаратларды шыпакер қадағалаўысыз ҳәм жийи пайдаланыўды тоқтатыў;
  • Тар синтетикалық кийимлерди киймеў.