Инсан ѳмиринде суўдың әҳмийети ҳаққында қызықлы фактлер

  1. Адам аўқатсыз алты ҳәптеге шекем жасаўы мүмкин, бирақ суў ишпестен бир ҳәптеден артық жасай алмайды.
  2. Бир сантиметр куб кѳлеминдеги теңиз суўында 1,5 грамм белок ҳәм кѳплеген витаминлер бар.
  3. Күнине бес стаканнан артық тазаланған суў ишиў арқалы жүрек тутыўы қәўпин кемейтиўге болады.
  4. Америкалы қәнигелер артықша салмақтан қутылмақшы болған адамларға суў диетасын усыныс етеди. Адам күнине 2,5 литр суў ишиў арқалы артықша салмақтан қутылады. Бирақ, бул қалай жүз береди? Адам қарны аш болған ўақта организм бул ҳаққында мийге сигнал жибереди, ҳәм ол аўқатланып баслайды. Бирақ аўқаттан алдын кѳрсетилген муғдарда суў ишилсе, адамның иштейи байланып, нәтийжеде артықша салмақтан қутылады. Бирақ бул ушын чай яки кофе емес, ал тек суў ишиў керек.
  5. Қәнигелердиң айтыўынша, айырым ўақытлары бир стакан суўдың ѳзи жеткиликли.
  6. Қурамында суў муғдары ең кѳп болған ѳним бул ғарбыз. Оның қурамы 93% суўдан ибарат.
  7. Қурамында ең кѳп азықлық затларға ийе суў бул қудықтың суўы есапланады. Бундай суўды жасалма жол менен алыўдың мүмкиншилиги жоқ.
  8. Денеде суў муғдарының бары-жоғы 2%ке кемейиўи нәтийжесинде, адамның ақыл уқыплылығы 20 %ке кемейеди.
  9. Дүнья жүзинде 1 миллиард 100 миллион адам ишимлик суў менен тәмийинленбеген. Суў ресурсларын жүдә абайлап асыраўымыз керек.