Сиз балаларыңыз бенен Интернет қәўипсизлиги ҳаққында сәўбетлесесиз бе?
Балаларым интернет ҳәм социаллық тармақлардан пайдаланады ҳәм мен буннан тәшўишленемен. Мен не ислеўим керек?
● Балалар Интернеттен ҳәм социаллық тармақлардан не ушын пайдаланыўын түсиниўи ушын олар менен сәўбетлесиў жақсы әдет.
● Балалардан олар қайсы веб-сайттан ҳәм қандай мақсетлерде пайдаланып атырғанлығын билип алың. Олардан Интернеттен пайдаланғанда нелерди унатып, нелерди унатпайтуғынлығы ҳаққында сораң.
● Балаларыңыз интернетте ҳәм социаллық тармақларда нелерди ҳәм қандай нәрселерди “жаман әдет” ҳәм нелерди “жақсы әдет” деп есаплаўы ҳаққында олар менен сәўбетлесиң.
● Перзентлериңиз онлайн тәризде не ислеп атырғанлығы, олар дус келип атырған қандай да бир ўақыядан қапа болыўы ҳаққында айтыўы ушын ашық, еркин сөйлесиў әҳмийетли.
● Перзентлериңизден Интернеттен қалай пайдаланыў бойынша көбирек мағлыўмат алыўда жәрдемлесиўин сораң. Көпшилик балалар Интернеттен жақсы пайдалана алады ҳәм олар сизге Интернетти үйрениўиңизге жәрдем бере алады.