Ата-анам ажырасып атыр, шаңарағымда бундай болмаўы керек— мен не ислеўим керек?
Адамлар қосылады ҳәм ажырасады. Ѳкинишли жери, турмыста үлкенлер арасында ажырасыўлар жүз берип турады. Сен қәўетер, уўайым ҳәм қорқынышты бастан кешириўиң мүмкин. Деген менен сен бәрқулла бул ҳаққында басқа адам менен талқылаў мүмкиншилигине ийесең.
Егер ата-анаңыз ажырасып атырған болса, сизге жәрдем беретуғын айырым мәсләҳәтлер тѳменде келтирилген:
- Есиңизде болсын, бул сизиң айыбыңыз емес.
Бул жүдә қыйын дәўир болса да, бул сизиң айыбыңыз емес екенлигин умытпаң. Адамлар ортасындағы мүнәсибетлер гейде жүдә қыйын болыўы мүмкин ҳәм сизиң ата-анаңыз сиз ушын емес, ал өзлери арасындағы мәселелер себепли ажырасады.
- Сезимлериңизди жасырмаң .
Егер сезимлерди бастан кешириўге қорықсаңыз, бул денсаўлыққа байланыслы машқалаларды келтирип шығарыўы мүмкин. Бундай ис-ҳәрекетлер жағдайды бетер шийеленистиреди. Егер бул машқала сизде бар екенлигин анықласаңыз, дәрҳал қәнигели психолог мәсләҳәтине мүрәжат етиўиңиз керек.
Эмоциялар бәрқулла турмыстың бир бөлеги болып қалады. Мүмкин болған ең саламат турмысты даўам еттириў ушын оларды қабыллаўды ҳәм сынап кѳриўди үйрениў әҳмийетли.
3.Стресс пенен гүресиўдиң жаңа усылларын табыўға ҳәрекет етиң
Стрессти басқарыў ушын ҳәр қыйлы затларды ислеўиңиз мүмкин. Ҳәр ким ҳәр қыйлы. Сиз де ѳзиңиз ҳәр түрли илажларды сынап кѳриўиңиз ҳәм өзиңизге сәйкес келетуғын затты табыўыңыз мүмкин.
Мине бул жерде неше кең тарқалған унамлы шынығыўлар ҳәм стрессти басқарыў усыллары келтирилген:
- Йога.
- Аўқатлық затларды писириў.
- Спорт пенен шуғылланыў.
- Дослар менен сәўбетлесиў.
4.Ата-аналар менен байланыста болың
Бул ўақытлары сезимлериңизди олардан жасырмаўыңыз әҳмийетли. Ажырасыў сизге қандай тәсир етип атырғанын түсиниў ушын оларға эмоциялық жақтан нелерди бастан кеширип атырғаныңызды айтың. Сиз ата-анаңызға ажырасыў себепли азап шегип атырғаныңызды ямаса ғәзепленип атырғаныңызды айтыўға қорықпаўыңыз яки тартынбаўыңыз керек.
5.Жақын досларыңыз бенен сәўбетлесиң
Гейде сизге жақын болған, бирақ шаңарақ ағзасы болмаған адамлар менен сѳйлесиў пайдалы болыўы мүмкин. Сизиң жақын досларыңыз сиз ушын ең жақсы затларды қәлейди ҳәм бәлким турмысыңызда не болып атырғанын билиўди қәлейди. Олар сизди тыңлайды, түсинеди ҳәм бул жағдайды жеңиўиңизге жәрдем бериўге ҳәрекет етеди.
- Психолог пенен сѳйлесиўди ойлап кѳриң.
Дәслеп, психолог пенен сөйлесиў ерси түйилиўи мүмкин. Бирақ, сизди тыңлайтуғын ҳәм ҳәзирги ўақытта жүз берип атырған ҳәмме нәрсени талқылайтуғын адамның бар болыўы жүдә пайдалы келтириўи мүмкин. Олар сизиң сезимлериңизди басқарыўға жәрдем беретуғын мәсләҳәт ямаса идеяларды бериўи ҳәм сезимлериңиз ҳаққында айтыўға мүмкиншилик жаратып бериўи мүмкин.
Ажырасыў пайытында тек ғана ата-аналар емес, ал балалар ушын да қыйын. Бул ўақытта сезимлериңизди анализлеў ҳәм өзиңизди жалғыз сезгениңизде жәрдем сораў жүдә әҳмийетли!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)