Мал шарўашылығында антибиотиклерди пайдаланыўдың қандай қәўпи бар?

Дүньяда ислеп шығылып атырған бактерияға қарсы дәрилердиң шама менен тѳрттен үш бѳлеги мал шарўашылығына туўры келеди. Шарўашылықта оларды ҳайўанлардағы инфекциялық кеселликлерди емлеў ҳәм алдын алыў ушын, сондай-ақ ѳсип раўажланыў стимуляторы сыпатында да пайдаланады. Бирақ, адамлардың денсаўлығы ушын үлкен қәўип, антибиотиклерди әйне усындай турақлы пайдаланыў нәтийжеси артына жасырынған.

Турақлы бактериялар (антибиотиклер тәсири нәтийжесиз болған) ҳайўанлардан адамларға үш жол менен жуғыўы мүмкин:

  • Аўқатлық затлар арқалы (шала қуўырылған фарш, шийки таўық мәйеги, сүт, бирақ инфекциялар ҳәттеки овощ ҳәм мийўелерден де жуғыўы мүмкин);
  • Кеселленген ҳайўанлар менен контакт арқалы – қәўип зонасында биринши гезекте шарўашылық кәрханасы хызметкерлери болады;
  • Суў, топырақ ҳәм қоршаған орталықтың басқа да компонентлери, инфекцияны тасыўшы ҳайўанлар, насекомалар, кемириўшилер арқалы.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шѳлкеми шарўашылықта микробқа қарсы препаратларды надурыс пайдаланыў антибиотиклерге турақлы микроорганизмлердиң пайда болыўына ҳәм тарқалыўына себепши тийкарғы фактор деген жуўмаққа келген. Бул, шарўа малларының жемлеринде антибиотиклерди стимулятор сыпатында пайдаланыўды кемейтиў зәрүр екенлигин кѳрсетеди. Және бир әҳмийетли пункт бул, инфекциялардың түсиўиниң алдын алыўшы санитария қағыйдаларын сақлаў есапланады.

Ҳайўанлар яки азық-аўқатлар арқалы жуғыўшы антибиотикке турақлы микроорганизмлерден ѳзлеримизди сақлаўдың бир неше әпиўайы қағыйдалары тѳмендегише:

  • Аўқатлық затларға термиялық ислеў бериң – ѳнимди таярлаў температурасы кеминде 70 °С болыўы шәрт;
  • Таярланған аўқатты ыссылай қабыллаң, себеби суўып қалған аўқатта ҳәр қыйлы бактериялардың кѳбейиў итималлығы жоқары болады; аўқатты ысытқанда да сол температура, яғный 70 °С дан тѳмен болмаўы керек;
  • Аўқатлық затларды 10 °С дан жоқары болмаған температурада сақлаң;
  • Шийки ҳәм пискен аўқатлық затларды бир бири менен араластырмаң, мысалы, шийки гѳш кесиўге пайдаланылған пышақты изинен сыр кесиўге пайдаланбаң;
  • Аўқат таярламастан алдын қолларыңызды жуўың, сондай-ақ мийўе ҳәм овощларды да жуўың;
  • Асхана ҳәм асхана дәскелерин таза сақлаң, насекомалардың, қала берсе тышқанлардың пайда болыўына жол қоймаң.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi