Не ушын мурыннан қан кетеди? Оның алдын қалай алыўға болады?

Мурыннан қан кетиўине нелер себеп болады?

  • Мурыннан қан кетиўдиң ең кѳп ушырасатуғын себеплериниң бири бул қурғақ ҳаўа. Қурғақ климат яки бѳлмедеги ыссы ҳаўа мурынның силекей қабатын кептирип оны түршиктиреди. Мурынның силекей қабатында қабықлар пайда болып мурынның қышыўы ҳәм соңынан қан кетиўине себеп болыўы мүмкин.
  • Мурынның силекей қабаты аязлағанда түршигиўи мүмкин. Бундай жағдайларда мурынды кѳп сүңбиргенде қанаўы мүмкин.
  • Мурынға тамызылатуғын дәрилик тамшылар да мурынның силекей қабатын кептирип, қан кетиўине себеп болыўы мүмкин.

Мурының қанаўы аўыр кеселликлерден дәрек бермейди, бирақ тез-тезден қан кетиў денсаўлықта аўыр машқалалар (жүрек ҳәм қан кеселликлери, ѳсимтелер) бар екенлигин билдириўи мүмкин.

Егер сенде ҳәптеде бир мәртеден кѳп қан кетип атырған болса, шыпакерге мүрәжат етиўиң зәрүр. Кѳпшилик жағдайларда мурыннан қан кетиўи аңсат емленеди. Гейде, мурын ишиндеги майда қан тамырлары зыянланып, саўалып кетпеўи мүмкин. Кѳбинесе бундай жағдайлар аллергияға шатылған яки тез-тезден аязлап аўыратуғын жас ѳспиримлерде болады.

Мурыннан қан кетиўдиң қалай алдын алыўға болады?

  • Мурын сүңбиргенде (әсиресе аязлаған ўақытта) жүдә абайлы болыўың керек.
  • Бѳлме ишиндеги ҳаўаны илажы болғанынша тез-тезден ығалландырып турыў керек.
  • Аўқатланыў рационын дурыс таңлаў. Менюге К ҳәм С витаминлерине бай ѳнимлерди қосыў. К витамини қанның уйыўында қатнасады, ол петрушка, шпинат, базилик, банан, брокколи, жармалар қурамында кѳп болады. С витамини қан тамырларын беккемлейди, ол шиповник, мазалы бурыш, смородина, цитрус мийўелер қурамында кѳп болады.

Мурынның тосаттан қанаўы ҳәр бир адамда тәшўиш туўдырыўы мүмкин, бирақ албыраў керек емес, себеби бундай жағдайда енди не ислеў керек екенлигин билип алдың!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı