Ақылға уғрас пайдаланыў
Бизлер планетамыздың ресурсларын ақылға уғрас пайдаланбаймыз, яғный, бәрқулла керекли болмаған нәрселерди сатып аламыз ҳәм тасланды ретинде шығарып таслаймыз. Ойсызлық пенен пайдаланыў, бизлерди бахытлы қылмайды, ол тасланды орынлары санының артыўына, ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўына ҳәм басқа да машқалаларға алып келеди.
Ҳәзирги күндеги Жер ҳалқының глобаллық мақсети бул ақылға уғрас пайдаланыў. Белгили сиясатшылар, алдынғы қатардағы бизнесменлер, белгили актерлар ҳәм ири корпорациялар, мәмлекетлер ҳәм волонтерлар тәбият ресурсларын үнемлеўге шақырып қалмақта. Ҳәзир жуўапкершиликли болыўымыз жүдә зәрүр.
Ақылға уғрас пайдаланыў бул экологияны асырап-абайлаў ҳәм қоршаған орталыққа жуўапкершиликли болыў тийкарындағы турмыс тәризи. Буған мысал ретинде, суў ҳәм электр энергиясын босқа сарыпламаўды, пластик қалталарды сатып алмаўды, шығындыларды ажыратып таслаўды айтсақ болады
Ақылға уғрас пайдаланыў қалай болады?
Ҳәр бир нәрсени оңлаўға яки қайта ислеўге болады. Тек бир мәўсим яки ѳмириң бойы тек бир мәрте пайдаланатуғын нәрселерди, мысалы, салтанатлы мәресимлер ушын кийим яки таў лыжасы ушын керекли әнжамлар сыяқлы нәрселерди сатып алғаннан кѳре, оларды ижараға алған мақулырақ екенлигин ядыңда сақла.
Азық-аўқатларды тасландыға таслама. Егер аўқатлық затлар керегинен артық болса, оны бәрқулла музлатқышта сақлаўға болады.
Ишимлик суўын үнемле! Тисиңди тазалап атырғанда суў кранын жаўып қой. Әлбетте бизлерге суў, ҳаўа, қуяш нурлары жетиспейди. Бирақ, олар бизлерден кейинги әўладқа жеткиликли бола ма? Планетамыздағы ѳмирдиң даўам етиўи ушын биз не нәрселер иследик?
Тек кейпиятың кѳтерилиўи ушын шопинг пенен шуғылланба. Китап оқы, қызықлы адамлар менен қарым-қатнаста бол, театрға бар, яғный керек емес нәрселерди алғанға қарағанда басқа да жаңа билимлер ҳәм тәсирлер алып бахытлырақ болыў усыллары кѳп.
Тәбиятты асырап-абайла, ѳзиңди раўажландыр ҳәм ресурсларды ақылға уғрас пайдалан!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)