Идеал адам дегенимиз ким?

Жетик инсан ҳаққындағы түсиниклер әсирлер даўамында ертек, әпсана ҳәм халық аңызларында орын алған. Идеал адамды тәрбиялаў билимлендириўдиң ең баслы мәселеси болып саналған ҳәм Аль-Беруний, Ибн Сина, Имам Бухарий, Алишер Наўайы сыяқлы илимпазлардың мийнетлеринде сәўлеленген. Ҳәр бир елде, сол жердиң жергиликли мәденияты ҳәм қәдириятлар системасынан келип шыққан ҳалда, идеал адам қандай болыўы кереклиги ҳаққында түсиниклер де ҳәр қыйлы болыўы мүмкин.

Раўажланған мәмлекетлерде бала тәрбиясы нәтийжесинде балада қандай қәсийетлер қәлиплеседи?

Қубла Кореяда мынадай бир сүрен бар: «Шекленген тәбийий ресурслар, дѳретиўшилик ушын шеклеўлерсиз». Яғный, бул елдиң халқы жоқары интеллектти адамдағы қәсийетлердиң ең уллысы деп есаплайды.

1991-жылы АҚШта “Билимлендириўди раўажландырыў стратегиясы» қабыл етилди. Ол жерде жетик инсан ҳақ нийетли, талпыныўшаң, пунктуал ҳәм жуўапкершиликли адам сыпатында белгиленген. Америкалы жаслар ѳзлеринде батырлық, мәртлик, турақлылық, қатаң талапшаңлық, мийнет сүйгишлик, ѳзгелерге жанашыр, шыдамлылық сыяқлы ең тийкарғы 60 қәсийетти раўажландырыўға ҳәрекет етеди.

1993-жылы Уллы Британияның билимлендириў бойынша миллий комиссиясы мектеплерге тѳмендеги ўазыйпаларды жүкледи: жасларды ўатан сүйиўши, ѳзгелерге ҳүрмет кѳрсетиўши, жәмийет алдындағы ўазыйпасына садық, адамларға ғамхорлық қылыўшы, мәдений мийрасты ҳүрмет етиўши, демократиялық, еркин, толерант жәмийетти қурыўға умтылыўшы жоқары руўхый әдеп-икрамлы инсан сыпатында тәрбиялаў.

1985-жылы Франция билимлендириў министрлиги демократиялық жәмийет ағзасы, жуўапкершиликли, ар-намыслы, ѳзгелерди ҳүрмет етиўши, бирге ислесиўге таяр, расизмге қарсы гүресиўши, кѳп мәдениятлылықты қабыл етиўши, еркинлик, теңлик ҳәм туўысқанлық идеясы менен биргеликте ѳзиниң Францияға болған муҳаббатын раўажландырып барыўшы инсанды тәрбиялаўды кѳзде тутқан тийкарғы принциплерге тийкар салды.

«Билимлендириў ҳаққында»ғы Япония Нызамы мектеплерге дүнья идеалы ҳәм адамгершиликке умтылыўшы миллетти қәлиплестириў миссиясын жүклейди. Бул, шахстың жеке қәсийетлерин толық раўажландырыўды кѳзде тутқан, яғный тынышлықты сүйиўши мәмлекет ҳәм жәмийет қурыўшыларын тәрбиялаў арқалы әдилликтиң, жеке еркинликтиң, мийнет сүйгишликтиң, ѳз бетинше ҳәрекет етиўдиң, ѳзгелер менен ислесип билиўдиң, заманагѳйлик пенен ески үрип әдетлерди бирге пайдаланып билиў уқыбын раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиўге таяр болыў, күнделикли турмыста керек болған кѳнликпелерге, руўхый ҳәм физикалық күшке ийе болыў, ѳзин бахытлы етиў ҳәм әтираптағылар менен келисимде жасап билиўдиң сапасын қәлиплестириў есапланады.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi