10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

Адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусының келип шығыў тарийхы

АИВ/АИЖСның адамзат тәрепинен анықланғанына жүдә узақ ўақыт болмады. АИВның келип шығыўы ҳаққында кѳплеген версиялар бар. Бирақ, олардың барлығы елеге шекем гипотеза болып қалмақта. Себеби, олардың ҳеш қайсысы илимий жақтан дәлилленбеген.

Ҳәзирги заман изертлеўшилериниң мағлыўматларына кѳре, АИЖС кеселлик сыпатында 1950–1970-жыллары пайда болған болыўы мүмкин.

АИЖСның пайда болған орны да еле анық емес ҳәм бул сораў тартыслы болып қалмақта. Айырым илимпазлар топары вирус Орайлық Африкада, екинши топардағылар - АҚШта, үшинши топары - Гаити атаўында пайда болған деген пикирде.

АИЖС диагнозы тастыйықланған биринши адам Конго (Африка) мәмлекети турғыны болған, оның қан анализи елеге шекем сақланып келмекте. Оны маймыл тислеп алған болыўы яки ол маймылдың гѳшин тазалағанда ѳзин кесип алған болыўы мүмкин деген болжаўлар бар. Соң, ѳзине ѳткен вирусты басқа адамға жуқтырған болыўы мүмкин деп болжанабақта. 

Рәсмий түрде АИЖС биринши мәрте АҚШ кеселликлерди қадағалаў ҳәм олардың алдын алыў орайы тәрепинен 1981-жылы дизимге алынған.

АИВ шақырыўшысы биринши болып француз вирусологи Люк Монтанье тәрепинен 1983-жылы анықланған. Ол ѳзиниң бул жаңалығы ушын 2008-жылы Нобель сыйлығы менен сыйлықланған. Оның менен бир қатарда америкалы илимпаз Роберт Галло усындай вирусты АИЖС менен кеселленген наўқаста анықлаған.

Кѳпшилик изертлеўлер жуўмағы бул вирус түрлер аралық тосқынлықты жеңип ѳткен ҳәм адам организмине түсип, дәслеп Африка аймағында, соңынан дүнья жүзи бойлап тарқалып баслаған деген пикирге келеди.

Aldıng’ı Keyingi