10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

АИВның басқа инфекциялардан қандай ѳзгешелиги бар?

  • Анық кѳринетуғын клиникалық симптомларға ийе емес. Аўырыўлар яки тынышсызланыў келтирип шығармайды. Узақ жыллар даўамында ѳзин жасырын ҳәм тыныш тутады.
  • Ерте басқышында грипп белгилерине уқсас белгилери ѳзлигинен тез ѳтип кетиўи мүмкин.
  • Наўқастың қанына түскеннен соң ол қанда мәңгиге қалып кетеди.
  • Иммун клеткаларын зыянлайды ҳәм олардың муғдарын жыл сайын кемейтип барады.
  • АИВ менен инфекцияланған адамды сыртқы кѳринисине қарап ажыратыў мүмкин емес – оның саламат адамлардан ҳеш қандай парқы болмайды. Кеселлик тек соңғы басқышларында сезилип баслайды.
  • Жѳтелгенде, түшкиргенде, асхана қуралларынан биргеликте пайдаланғанда, пешше яки басқа да насекомалар шаққанда жуқпайды.
  • Оған қарсы вакцина жоқ.
  • Жыныс, жас ҳәм аймақ таңламайды.
  • Кеселленген адам ѳмири даўамында емлениўи керек.
  • Наўқас АИВ инфекциясы нәтийжесинде емес, ал басқа да инфекциялардың қосылыўы нәтийжесинде қайтыс болады.
Aldıng’ı Keyingi