10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

АИВға тексериў нәтийжелери қандай болады ҳәм оларға қалай анықлық киргизиўге болады?

АИВға тест адам организминде, яғный қанда, сидикте яки силекейде вирус бар яки жоқ екенлигин анықлайды. Қандағы антигенлер (жат нәрселер) ҳәм вирусқа антиденелер (антигенлерден қорғаныў ушын организмде ислеп шығарылатуғын белоклар) муғдары анықланады. Бундай тексериўди «вирус муғдарын» анықлаў деп те атайды. Себеби, тексериўде бир миллилитр қан плазмасындағы вируслар нусқасы саны анықланады. Бул арқалы кеселликтиң басқышы ҳәм әмелге асырылып атырған АРВТ (антиретровируслы терапия) нәтийжелилигин билиўге болады.

Тексериў нәтийжелери ҳәр қыйлы болып оқылыўы мүмкин.

  1. Тексериўдиң гүманлы яки анық емес нәтийжеси басқа кеселликлер себебинен болыўы, сондай-ақ АИВның дәслепки басқышларынан дәрек бериўи мүмкин. Бундай жағдайларда, бир неше ҳәптеден соң қайта тексериў ѳткериў зәрүр.
  2. Вирус бар екенлигин кѳрсетиўши жалған нәтийжеде қанда вирус болмайды, бирақ тест нәтийжеси бар екенлигин кѳрсетеди. Бундай жағдайлар кѳбинесе вирусты ИФА (иммунофермент анализи) усылы менен анықлағанда болады. Вирус бар яки жоқ екенлигин анық билиў ушын тексериўди басқа усыллар менен де әмелге асырыў зәрүр болады.
  3. Вирус жоқ екенлигин кѳрсетиўши жалған нәтийже – бул тийкарында вирус бар болған жағдайда тексериў нәтийжеси АИВ жоқ екенлигин кѳрсетиў жағдайы. Бундай ҳаллар, тексериў антиденелер еле ажыралып басламаған ерте (3 айға шекемги) дәўирде ѳткерилгенде ушырасады. Сондай-ақ, бундай нәтийже АИВ инфекциясы бар адамларда антиретровируслы терапиядан соң қандағы вируслар муғдары оғада аз болған жағдайларда да ушырасады.

АИВға тексериў нәтийжеси тек ғана организмде АИВға қарсы антиденелер бар яки жоқ екенлигин кѳрсетеди. Бул анализлер нәтийжелерине тек ғана шыпакер тәрепинен анықлық киргизиледи.

Aldıng’ı Keyingi