АИВ дегенимиз не?
АИВ – адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусының қысқаша атамасы болып, ол адамның иммун системасын зыянлайды. АИВ тек тири адамның денесинде ѳмир сүреди ҳәм кѳбейеди.
АИВ қалай жуғыўы мүмкин?
АИВның жуғыў жоллары:
1) Қан
2) Сперма
3) Қын суйықлығы
4) Жуўан ишек суйықлығы
5) Кѳкирек сүти.
АИВ менен зыянланған адамлар вирусты жуқтырып алғанын сезбейди. Гейде зыянланыўдан бир неше ҳәпте ѳтип, гриппке уқсас жағдай раўажланыўы (дене температурасының кѳтерилиўи, териде таспалар пайда болыўы, лимфа түйинлериниң исиниўи, иш кетиўи) мүмкин.
АИВ менен зыянланған адам жыллар даўамында ѳзин дени саў сезиўи мүмкин. Бул дәўир кеселликтиң жасырын (латент) дәўири деп аталады. Бирақ бул дәўирде организмде ҳеш қандай ѳзгерис болмайды деп есаплаў надурыс.
АИВ жуққанда, оны жуқтырып алған адам организминде ҳеш қандай кеселлик белгилери бақланбаса да, ол басқалар ушын қәўипли саналады, яғный басқа саў адамларға АИВ жуқтырыўы мүмкин. Сол себепли тест тапсырып, АИВ бойынша ѳз статусын анықлап алыўы керек.
АИВны анықлаў ушын тестти мәмлекетимиздиң барлық емлеў-профилактикалық мәкемелеринде тапсырыўға болады.