АИВ диагнозы менен қалай узақ ѳмир сүриўге болады?
АИВ инфекциясы бар адамның ѳмири саламат адамның ѳмиринен парық қылмайды. АИВ инфекциясын ерте анықлаў, тийисли түрде емлениў ҳәм қоллап-қуўатлаў болғанда адам узақ ҳәм сапалы ѳмир сүриўи мүмкин.
Антиретровируслы терапия, АИВ наўқасларына саламат адам сыяқлы узақ ҳәм сапалы ѳмир сүриўине имканият береди.
Антиретровируслы терапияның тийкарғы мақсети АИВ инфекциясы бар адамлардың саламатлығын сақлап қалыўдан ибарат. Антиретровируслы терапияны баслағаннан соң, турақлы түрде вируслардың муғдарын (қандағы вируслы бѳлекшелердиң санын) анықлап турыў лазым. Вируслар муғдары тѳмен яки анықланбайтуғын дәрежеде болса, демек емлеў нәтийжели болғанын ҳәм вирус ҳәлсирегенин билдиреди. Вирус муғдары ең кем кѳрсеткишке түскен жағдайда, адам инфекцияны басқаларға жуқтырмайды.
Буннан тысқары, ҳәзирги күнде медицина АИВның анадан балаға ѳтиўиниң алдын алыў бойынша кѳп нәрселерге уқыплы. АИВ инфекциясы бар ҳаяллар инфекция ѳтпеген саламат балаларды дүньяға келтириўине болады.
АИВ инфекциясы – аўыр ҳәм адам ѳмирине қәўипли созылмалы кеселлик, бирақ кеселлик пенен узақ ѳмир кѳриўге болады. Адамның ѳмири қаншели сапалы ҳәм узақ болыўы тек сол адамның ѳзине ғана байланыслы болады.