10_IOGT_red_ribbon_illustration_320x173.width-360.png

АИВ жуққаннан соң қанша ўақыт ѳтип АИЖС раўажланады?

АИВ бул иммун системасын ҳәлсиретиўши вирус. АИЖС бул АИВ инфекциясы раўажланыўының ең соңғы басқышы болып, инфекция жуқтырған адамда иммунитеттиң тѳменлеп кетиўи салдарынан ҳәр қыйлы кеселликлер пайда бола баслайды.

Бул дәўир ҳәр адамда ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. АИВ жуққаннан соң АИЖС кеселлиги пайда болыўына шекем 10-15 жыл, гейде оннан да кѳбирек, ал гейде азырақ ўақыт ѳтиўи мүмкин.

Антиретровируслы терапия АИЖС кеселлигиниң алдын алып, оның пайда болыў дәўирин узайтыў имканиятын береди.

Қандағы АИВ инфекциясы қаншели ерте анықланса ҳәм антиретровируслы терапия ерте басланса, АИЖСқа ѳтиў дәўири де соншели узақ болады. Дәрилерди дурыс ҳәм турақлы түрде қабыллап барыў арқалы, АИЖС басқышына ѳтиўди 15 жыл яки оннан да узағырақ мүддеттке узайттырса болады.

Aldıng’ı Keyingi