АИВ инфекциясы адам организминде қалай раўажланады?
АИВ инфекциясының жасырын дәўири қалай кешеди?
Вирусты жуқтырған ўақыттан баслап кеселликтиң дәслепки белгилери пайда болғанға шекемги дәўир 2 ҳәптеден 6 айға ҳәм оннан да артық даўам етиўи мүмкин. Бул дәўирде вирусты тест арқалы анықлаў қыйын. Бирақ АИВ инфекциясы зыянланған адамнан саў адамға жуғыўы мүмкин.
АИВның дәслепки белгилери қандай болыўы мүмкин?
Бул дәўир симптомсыз (ҳеш қандай белгилерсиз) де кешиўи мүмкин. Гейде дене температурасы кѳтерилиўи, лимфа түйинлериниң үлкейиўи, стоматит, фарингит, диарея, дақлы таспалар, талақтың исиниўи, энцефалит (бас мийдиң исиниўи) сыяқлы белгилер бақланыўы мүмкин. Бул дәўир әдетте бир неше күннен 2 айға шекем даўам етиўи мүмкин.
Латентли дәўир – кеселликтиң ҳеш қандай белгилерсиз ѳтиўи.
Бул дәўирде кеселликтиң ҳеш қандай белгиси анықланбаўы мүмкин, бирақ АИВ кѳбейиўди даўам етеди (қанда АИВ муғдары артады) ҳәм организм ѳзине керекли болған Т-лимфоцитлерин (бул клеткалар иммунитет ушын әҳмийетли роль ойнайды, сондай-ақ олар кеселликти қоздырыўшы клеткаларды анықлайды ҳәм сапластырады) ислеп шығара алмайды. Латентли дәўир 2-3 жылдан 20 жылға шекем, орташа 6-7 жыл даўам етиўи мүмкин.
Екилемши кеселликлер дәўири
Қандағы вирус концентрациясының белсене тәризде үзликсиз ѳсиўи ҳәм Т-лимфоцитлериниң тѳменлеўи себепли наўқас ҳәр қыйлы оппортунистик кеселликлерге шатыла баслайды (бул кеселликлер иммунитет ҳәлсирегенде ҳәр түрли бактериялар, вируслар ҳәм пилислер арқалы шақырылады) - герпес, кандидоз, адам папиллома вирусы, криптококкоз, изопсориаз, безгек, криптоспоридиоз, лимфома, Капоши саркомасы, пневмоцистлик пневмония, токсоплазмоз, цитомегаловирус, туберкулез кеселликлерине иммун системасы буннан былай қарсы тура алмайды.
Соңғы дәўир (АИЖС)
АИВ инфекциясының ақырғы ҳәм жуўмақлаўшы басқышы. Бул дәўирде қорғаўшы клеткалардың (Т-лимфоцитлер) муғдары кескин азайған болады. Иммун системасы буннан былай инфекцияларға қарсы гүресе алмайды ҳәм олар организмди тез истен шығарады. Вирус ҳәм бактериялар ѳмир сүриў ушын әҳмийетли болған ағзаларды, сондай-ақ, сүйек-булшық ет, дем алыў, ас сиңириў системасы, ҳәм бас мийин зыянлайды. Наўқас “оппортунистик” кеселликлер келтирип шығарған тәсирлер нәтийжесинде набыт болады. АИЖС дәўири 1-3 жылға шекем даўам етеди.